Нөкисте “Қарақалпақ этно аўылы” туристлик орайы пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда атап өтилгениндей, бул орай АҚШ тыӊ Халықаралық раўажланыў агентлиги(USAID)ниӊ Ҳаял-қызлардыӊ экономикалық имканиятларын кеӊейтиў фондыныӊ жәрдеминде әмелге асырылды. 2022-жылы USAID шөлкеми исбилермен Амина Бекжанованыӊ басшылығындағы Nitsa Nukus компаниясына улыўма баҳасы  33 мыӊ АҚШ долларына теӊ болған 15 қара үй алынып, “Ашшыкөл”диӊ бойына орнатылды. Қара үйлерде туристлерге қарақалпақ миллий мәденияты, тағамлары ҳәм өнерментшилиги менен таныстырылып, оларға турақ жай ҳәм кеўилашар илажлар көрсетиледи.








Мийманлар  жергиликли өнермент ҳаял-қызлар тәрепинен қолда таярланған гилемлер, сувенир ҳәм кондитер өнимлерин сатып алып, миллий тағамлардан дәм татып көреди. Усы басламалар шеӊберинде USAID Өзбекстан бойлап агробизнес, өнерментшилик, тоқымашылық ҳәм агро туризм сыяқлы тараўларды жумыс алып баратуғын ҳаял-қызлардыӊ жеке бизнеслерин раўажландырыўы ҳәм кеӊейтиўи ушын жаӊа технологияларды усынады.

Атап айтқанда,  быйылғы жылдыӊ октябрь айына шекем USAID тыӊ Ҳаял-қызлардыӊ экономикалық имканиятларын кеӊейтиў фондыныӊ есабынан  40 қа шамалас исбилермен ҳаял-қызға улыўма баҳасы 600 мыӊнан аслам АҚШ доллары жаӊа технологиялар менен үскенелер алып берилди.

Илаж қатнасыўшылары “Қарақалпақ этно аўылы” туристлик орайында туристлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Оларға миллий өнерментшилик ҳәм кийимлер көргизбелери, халық ойынлары, фольклор ҳәм эстрада бағдарындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги