Қантлы диабет пенен глобал кеселлениў (жасқа қарай) 1980 – жылдан бери дерлик еки есеге көбейип, улкен жастағылар арасында 4, 7% тен 8, 5% ге шекем арытқан. Бул артықша салмақ ямаса семизлик сыяқлы қәўипли факторлардың көбейиўин сәўлелендиреди. 2014- жылы жер жузинде шама менен 422 миллион адам қантлы диабет пенен кеселленген, бул 1980-жылдағыдан 108 миллионға көп. Соңғы он жыл ишинде болса диабет пенен кеселлениў дәрежеси раўажланған мәмлекетлерге қарағанда төмен ҳәм орта дәрежеде мәмлекетлерде тезирек өсти.
Қантлы диабет – созылмалы кеселлик болып, асқазан асты бези жетерли муғдарда инсулин ислеп шығармаса ямаса организм ислеп шығаратуғын инсулинди нәтийжели ислете алмағанында жүзеге келеди. Бул қанда глюкоза дәрежесиниң артыўына алып келеди (гипергликемия).
1-топар. Диабет (алдын инсулинга байланыслы ямаса балалар диабети деп аталады ) инсулинниң жетиспеўи менен характерленеди.
2-топар. Диабет (алдын инсулинга байланыслы болмаған ямаса үлкен жастағылардағың диабет деп аталады ) организмни инсулинди нәтийжесиз ислетиўи нәтийжесинде раўажланады. Көбинесе бул артықша салмақ ҳәм физикалық хәрекеттиң төменлиги нәтийжеси есапланады
Гестациялық диабет – бул ҳәмиледарлық ўақтында биринши рет диагноз қойылған – гипергликемия.
Фарида Муслатдинова,
ҚМУ дың интернет журналистика тәлим бағдары студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги