Пайтахтымызда Киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билимлендириўге бағышланған II Пүткил жер жүзилик конференциясы (WCECCE) болып өтпекте.

Ҳәзирги ўақытта бул ири әнжуманның рәсмий ашылыў мәресими басланды.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, жас балаларды қорғаў ҳәм билимлендириў ушын шараятларды раўажландырыў ҳәм жақсылаў 2000-жылы ЮНЕСКОға ағза мәмлекетлер тәрепинен қабыл етилген «Ҳәммеге билимлендириў» (ЭФА) бағдарламасының алты мақсетинен бири болып есапланады.

Конференция даўамында жоқары дәрежедеги ушырасыўлар, панел пикирлесиўлери де болып өтеди. Оларда мектепке шекемги билимлендириў бағдарында инклюзивлик, сапа ҳәм абаданлық, тәрбияшы ҳәм муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў, сиясат, менеджмент, қаржы ҳәм инновациялар сыяқлы темалар қамтып алынады.

Сондай-ақ, ҳәр қыйлы мәмлекетлерде өткерилген айырым изертлеўлер нәтийжелери усыныс етиледи. Бул кең көлемли конференцияда дүньяның ҳәр қыйлы мүйешлериндеги ең нәтийжели бағдарламаларға итибар қаратылады.

Г.Саттарова, Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА