Мәмлекетимизде ноябрь айының екинши екшембиси Өзбекстан Республикасы Медицина хызметкерлери күни етип белгиленген. Быйыл усы сәне 13-ноябрь күнине туўра келди. Елимиз медицина хызметкерлериниң тийкарғы байрам салтанатлары Самарқанд қаласында өткерилди.
Ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан келген бир топар пидайы, көп жыллық тәжирийбеге ийе ҳәм қәбилетли жас медицина хызметкерлери, тараў ветеранлары дәслеп Самарқанд қаласындағы муқаддес зыярат орны ҳәм тарийхый естеликлерди зыяратлады. Әййемги кентте әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары менен жақыннан танысты. Соның ишинде, жақында пайдаланыўға тапсырылған ҳәм бир қатар абырайлы халықаралық әнжуманларды өткерип атырған «Уллы жипек жолы» халықаралық туристлик орайы ҳәм бул жерде жаратылған шараятлар, имканиятлар мийманларда үлкен тәсирлер қалдырды. Халықаралық конгресс орайы, «Мәңги қала» комплекси ҳәм дүнья стандартларына сәйкес мийманханалар медицина хызметкерлерине унады.
– Быйылғы байрамды Самарқандта белгилеп атырғанымыздан жүдә қуўанышлыман, – дейди Республикалық қан қуйыў орайының қан ҳәм оның компонентлерин таярлаў бөлиминиң трансфузиологы, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Машкура Мухамедова. – Қала және де абат, сулыў болыпты. 44 жылдан берли усы мийнети аўыр кәсипте жумыс ислеп мәмлекетимиздиң, халқымыздың ҳүрмет-иззетине ерискенимнен қуўанышлыман. Бүгин көрсетилип атырған итибардан болса төбем көкке жетти.
Байрам салтанаты жаңадан реконстукцияланған Самарқанд ўәлаятлық музыкалы драма театрында болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиздиң денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлерине байрам қутлықлаўын Президент кеңесгөйи О.Абдураҳмонов оқып еситтирди.
Қутлықлаўда атап өтилгениндей, кейинги жыллары елимизде ҳәр бир пуқара ушын жоқары сапалы ҳәм тәжирийбели медициналық хызмет системасын жаратыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленип, бул бағдарда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
«Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли принципти жәмийетимиз турмысында толық жүзеге шығарыў мақсетинде кейинги ўақытта елимизде денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен турақлы ушырасып, алдымызда турған ўазыйпалар ҳәм әҳмийетли машқалалардың шешимлери ҳаққында пикирлесиў үлгили дәстүрге айланды.
Усы жылы сизлер менен өткерилген сөйлесиўлеримиз де ҳәр тәреплеме пайдалы болды. Оның нәтийжесинде 2022-жылы тараўға байланыслы жигирмадан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар ҳәм басқа да зәрүр нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилип, турмысқа избе-из енгизилмекте, делинеди қутлықлаўда.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы бүгин медицина хызмети тиккелей мәҳәллелерге, ҳәр бир ўатанласымыздың шаңарағына кирип баратырғаны, жоқары тәжирийбели шыпакерлер, илимпаз ҳәм қәнигелер орынларға шыққан ҳалда, аўыр кеселликлерден қыйналып атырған наўқаслардың саламатлығын тиклеўге мүнәсип үлес қосып атырғанын атап өткен.
Мине, усындай ҳәрекетлер себепли аймақлар бойлап өткерилген саламатлық акциялары даўамында 210 мың ўатанласымыз амбулатор ҳәм 65 мыңы стационар шараятта емленди.
Медицинаның басланғыш буўынын күшейтиў, әсиресе, аўыл ҳәм мәҳәллелерде медициналық хызметти сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў мақсетинде тек ғана 2022-жылы орынларда 100 ден аслам шаңарақлық шыпакерлик пункти, поликлиникалар сондай-ақ, алыс ҳәм шетки аймақларда 1000 нан артық мәҳәлле медицина пунктлери шөлкемлестирилди. Оның нәтийжесинде қосымша түрде және 3,5 миллион халықты басланғыш медициналық хызмет пенен қамтып алыўға ерисилди.
Шаңарақлық поликлиникаларда күндизги емлеў орынлары шөлкемлестирилип, 740 мың адам тиккелей өзи жасап атырған мәҳәлледе емлениў имканиятына ийе болды. Шаңарақлық шыпакерлер тәрепинен халыққа бийпул тарқатылатуғын 70 түрдеги дәри-дармақлар ушын қаржылар көлеми өткен жылға қарағанда 3 есеге арттырылды. Басланғыш медицина мәкемелери заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленбекте.
Бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилип, халық арасында саламат турмыс тәризин беккем енгизиў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қәстерлеп сақлаў, оларды тәжирийбели медициналық хызмет пенен толық қамтып алыў мәселелери буннан былай да тийкарғы ўазыйпа болып қалатуғыны қутлықлаўда айрықша атап өтилген.
Президентимиздиң 2022-жыл 11-ноябрьде қабыл етилген пәрманына бола, медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.
Мәресимде усы сыйлықлар өз ийелерине салатанатлы түрде тапсырылды.
– Қоскөпир районының ең алыс Ғазобод аўылында жайласқан мәкемемиз 18 мыңнан аслам халыққа медициналық хызмет көрсетеди,-дедйди Хорезм ўәлаяты Қоскөпир районындағы 23-шаңарақлық поликлиника баслығы, 88 дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени ийеси Меҳрибон Юсупова. – 4800 фертиль жастағы ҳаял-қызлар, 372 бир жасқа шекемги балалар бар. Кейинги жыллары басланғыш буўынға айрықша итибар қаратылыўы, турақлы медициналық тексериўлер өткерилиўи нәтийжесинде усы категорияда ушырасатуғын ҳәр қыйлы кеселликлер азайды. Кейинги бес жыл даўамында майыплық, аналар ҳәм балалар өлими дизимге алынбады. Халқымыздың да медициналық мәденияты әдеўир жоқарылады. Байрам мүнәсибети менен мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғаным поликлиникамыз жәмәәтиниң мийнетине берилген жоқары баҳа, исеним деп билемен. Бул исенимди, әлбетте, өз мийнетимиз бенен ақлаймыз.
– Президентимиз сырт елде ислеп жүрген қәнигелерди елимизге мирәт еткенинен руўхланып, 2018-жылы Россиядан қайтып келгенмен ҳәм медицина орайымызда жаңадан шөлкемлестирилген кардиохирургия бөлиминде жумыс баслағанман,-дейди Ферғана ўәлаяты балалар көп тармақлы медицина орайының кардиохирургия бөлими баслығы, «Шуҳрат» медалының ийеси Жавлонбек Муйдинов. – Ўәлаят ҳәкимлиги турақ жай менен тәмийинледи, сырт елдеги сыяқлы қыйын хирургиялық операцияларды ислеўимиз ушын зәрүр медициналық үскенелер алып берилди. Оның нәтийжесинде усы ўақытқа шекем балаларда ушырасатуғын жүрек аўырыўлары менен байланыслы мыңнан аслам операция өткердик. Сонша балаға, олардың шаңарағына қуўаныш бағышлағанымыздан мақтанамыз. Мине, усы хызметлеримизди итибарға алып, мәмлекетлик сыйлыққа ылайық көрген Президентимизден миннетдармыз.
Илажда Денсаўлықты сақлаў министри Б.Мусаев ҳәм мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланған медицина хызметкерлери тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
Салтанатлы мәресимде елимиздиң көркем өнер шеберлери ҳәм жаслар тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ғ.ҲАСАНОВ,
А.ИСРОИЛОВ ҳәм Ж.ҚЎЗИМУРОДОВ (сүўрет),
ӨзА