Пайтахтымызда 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Бул байрам Ташкент қаласының орайында елимиз мәденияты ҳәм көркем өнеринде өзине тән орын ийелеген тарийхый имарат – Бурынғы Свердлов атындағы концерт залы имараты тийкарында қайтадан қурылған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары сарайының салтанатлы ашылыўы менен үнлес белгиленди.

Байрам илажына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, оның аймақлық кеңеслери, тармақ кәсиплик аўқамлары Республикалық кеңеслери, ҳәр қыйлы шөлкем ҳәм уйымлар, министрликлердиң жуўапкерлери, нуранийлар, мийнет ветеранлары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллерине жоллаған байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Музаффар Комилов оқып еситтирди.

Елбасшымыздың қутлықлаўында атап өтилгениндей, кейинги жыллары елимизде болып атырған жаңаланыў процесслеринде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының да мүнәсип үлеси бар. Мийнеткешлердиң мәплерин қорғаў, оларды күшли социаллық қорғаўдың жаңаша системасы жаратылды. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы мәмлекет ҳәм халық арасындағы беккем ҳәм исенимли көпирге айланып бармақта.

Усы жәмийет структурасы тәрепинен елимизде болып атырған жаңаланыўларды қоллап-қуўатлаўшы, жәмийетлик-ағартыўшылық жойбарлар алып барылмақта. Бул Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ең жетекши жәмийетлик шөлкем сыпатында ортаға шығыўында, халық арасында және де көбирек абырай-мәртебеге ерисиўинде тийкарғы фактор болмақта. Қутлықлаўда атап өтилгениндей, буннан былай 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мәмлекетимизде улыўмахалықлық байрам сыпатында белгилениўи менен бирге мийнеткешлер ушын дем алыс күни деп белгиленди.

Ҳақыйқатында да, кейинги жыллары Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы «Инсан қәдири ушын!» идеясын әмелге асырыўда мүнәсип үлес қосып атырған ең белсенди жәмийетлик структураға айланды. Бул шөлкем мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин, мийнет тараўындағы ҳуқықларын қорғаўда системалы жумысларды әмелге асырмақта.

– Илажда Президентимиздиң қутлықлаўын дыққат пенен тыңладық,-деди Өзбекстан халық артисти Фаррух Зокиров. – Тойға үлкен саўға болғанындай, бул зәўлим имараттың қайта ашылғаны ҳәммемизге үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды. Бул жерде бир ўақытлары устазларымыз, дүнья жулдызлары өз өнерлерин көрсеткен еди. Бул көркем өнер дәргайының және қайтадан тикленгени миллий көркем өнеримизге болған итибардың айқын үлгиси болып есапланады.

Кейинги жыллары Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығына мүнәсип үлес қосып киятырған ең белсенди, пидайы ҳәм интакер ўатанласларымыздың мийнетин хошаметлеў жақсы дәстүрге айланды. Салтанатлы илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен әмелге асырылған ҳәр қыйлы жәмийетлик жойбарлар ҳәм таңлаўлардың жеңимпазлары сыйлықланды.













Дәслеп балаларды саламатландырыў ҳәм дем алдырыў мәўсими шөлкемлестириўшилерине, атап айтқанда, «Ең үлгили стационар балалар дем алыў орайы» сыпатында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Наўайы ўәлаяты қарамағындағы «Исеним» балалар саламатландырыў орайы, Федерацияның Сурхандәрья ўәлаяты кеңеси қурамындағы «Бешбулақ-Сурхан-Шерабад» балалар саламатландырыў орайы ҳәм «Өзбекнефтегаз» акционерлик жәмийетиниң «Муборак газди қайта ислеў заводы» қарамағындағы «Ниҳол» балалар саламатландырыў орайына сыйлықлар тапсырылды.

Буннан соң, «Балалар дем алыў орайын үлгили шөлкемлестирген кәрхана» номинациясында жеңимпаз деп табылған «Алмалық кән-металлургия комбинаты» акционерлик жәмийети, «Балалардың жазғы саламатландырыў мәўсимин үлгили шөлкемлестирген аймақ» номинациясында жеңимпаз болған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Ташкент қалалық кеңеси, «Жаз мәўсиминде белсене қатнасқан жумысшы топар» номинациясында жеңимпазлыққа ерискен Дем алыў орайларында жәмийетлик тәртипти сақлаў, байланыс, транспорт хызмети ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша Жумысшы топар сыйлықланды. Барлық жеңимпазларға диплом, статуэтка ҳәм ноутбуклар тапсырылды.

Ўатанымыздың раўажланыўы жолындағы жаңаланыўларда белсене қатнасып киятырған, мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосып атырған бир топар ўатанласларымыз Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының «Эҳтиром» белгиси менен сыйлықланды. Оларға «Эҳтиром» белгиси, ең аз айлық мийнет ҳақының 3 ярым есесиндеги ақашалай сыйлық ҳәм гүўалық тапсырылды.

Ҳәммемизге белгили, өткен жылы «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы лауреаты» сыйлығы шөлкемлестирилген еди. Бул сыйлық көп жыллық нәтийжели мийнетлери ушын денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият ҳәм спорт, сондай-ақ, кәсиплик аўқамлардың абырайын арттырыўға үлес қосып атырған ўатанласларымызды сыйлықлаў ушын шөлкемлестирилген. Салтанатлы илажда бул сыйлықлар да өз ийелерине тапсырылды.

Буннан соң кәсиплик аўқамлары Федерациясы системасындағы санаторийлар, Емлеў профилактика орайында мийнет етип атырған ең пидайы хызметкерлер және системадағы шөлкемлерде айрықша белсендилик көрсеткен жылдың ең жақсы хызметкерлери бир қатар номинациялар менен сыйлықланды.

Оларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының диплом ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды. «Ең жақсы санаторий» номинациясы жеңимпазы болған Әбиў Әли ибн Сина санаторийсына болса Федерацияның Санатор-курорт басқармасының қаржылары есабынан 100 миллион сум ажыратылды.

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысының басламасы тийкарында енгизилген «Ҳаял-қызлар дәптери» социаллық жойбары халықаралық көлемде де үлкен қызығыўшылық оятып, үлги болмақта. Бул ийгиликли жумысларда ҳәммеге өрнек болып атырған, ҳаял-қызлар машқалаларының шешилиўине салмақлы үлес қосып атырған хызметкерлерди мүнәсип хошаметлеў мақсетинде Кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен елимиз мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары арасында «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», аймақлардағы сектор басшылары арасында «Ең жақсы сектор басшысы», гендер сиясаты ҳәм елимиз турмысындағы ҳаял-қызлардың ролин арттырыў бағдарындағы жумысларды үлгили шөлкемлестирген кәрхана басшылары арасында «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял», бәнтликти тәмийинлеў ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўында мүнәсип үлес қосып атырған ҳәким жәрдемшилерин сыйлықлаў мақсетинде «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» таңлаўлары шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, жаслар машқалаларын шешиўге үлес қосып атырған жаслар жетекшиси ушын «Ең жақсы жаслар жетекшиси», мәҳәллелердеги белсенди ҳаял-қызларды хошаметлеў мақсетинде «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» таңлаўлары өткерилди.

Бул таңлаўларда 3-орынды ийелеген жеңимпазларға III-дәрежели диплом, Президент саўғасы сыпатында «Spark» автомобили, 2-орынға мүнәсип болған жеңимпазларға II-дәрежели диплом ҳәм Президент саўғасы – «Cobalt» автомобили, 1-орынға ерискен жеңимпазларға болса I-дәрежели диплом ҳәм Президент саўғасы сыпатында «Gentra» автомобильлериниң гилтлери тапсырылды. Көркем өнер шеберлериниң үлкен концерти қойып берилди.

Салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Одил Абдураҳмонов, Бас министрдиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар  мәмлекетлик комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова қатнасты.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы