Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «11-ноябрь―Кәсиплик аўқамлары күни» мүнәсибети менен жоқары класс оқыўшылары арасында «Жас китапқумар» таңлаўы болып өтти.
Онда оқыўшылар өзбек, қарақалпақ ҳәм дүнья әдебияты дүрданаларынан ибарат 62 китап бойынша өз-ара билимлерин сыннан өткерип, таңлаў жуўмағында 10-класс оқыўшысы Орынай Демеўбаева жеңимпазлықты қолға киргизиўге миясар болды.
Илаж соңында мектеп директоры О.Шерназаров, директордың руўхый –ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Д.Қосназарова, кәсиплик аўқамы комитети баслығы Х.Ембергеновлар шығып сөйлеп, мектеп жәмәәтин байрам менен қутлықлады ҳәм жеңимпаз оқыўшыны арнаўлы Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықлады.
Қырмызы Қазақбаева,
Нөкис районлық ХББға қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.