Хабар берилгениндей, Самарқанд Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң саммити басланды.

Онда Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйлемекте.

– Дүнья халықлары ушын дослық ҳәм тынышлық тымсалы, илим ҳәм ағартыўшылық орталығы болған Самарқанд қаласын «Түркий цивилизация пайтахты» деп жәриялаў басламасын қоллап-қуўатлағаныңыз ушын Сизлерге шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен. Биз Түркий дүнья уллы тарийхының жарқын бетлери уллы ата-бабаларымыз тәрепинен биргеликте жаратылғаны менен ҳақылы түрде мақтанамыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

ӨзА