Президентимиз усы жылдың 18-март күни медицина хызметкерлери менен болған ушырасыўында тараўды раўажландырыўға қаратылған 7 әҳмийетли бағдарды көрсетип өткен еди. Соннан бириншиси басланғыш медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыў бағдары болып, орынларда поликлиникалар тармағы буннан былай да кеңейтилетуғын болды.

Нөкис қаласындағы 5-санлы шаңарақлық поликлиника 37, 58, 24-санлы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы 49 мыңнан аслам турғынларға хызмет көрсетеди.

– Поликлиникамыз шыпакерлери менен мектеплерде турақлы түрде тереңлестирилген медициналық тексериўлер өткерип турамыз. Ҳаял-қызлар арасында саламат шаңарақ қурыў, саламат перзентти дүньяға келтириў, саламат турмыс тәризине әмел етиў, ерте турмысқа шығыўдың ақыбетлери ҳаққында сәўбетлесиўлер алып барамыз, -дейди гинеколог-шыпакер Рысгүл Низаматдинова. – Аймағымыздағы халықтың 13 мыңнан асламын туўыў жасындағы ҳаяллар қурайды. Халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў жолында ҳәр қыйлы тар қәнигеликтеги шыпакерлеримиз жумыс алып бармақта.

Елимиздеги бул бағдардағы реформалар жәмийетимиздиң саламатлығына қаратылған. Жәмийетимиздиң саламатлығы болса, абадан турмысқа, жарқын келешегимизге әҳмийетли қәдем болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.