Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Исбилерменлик жумысын тәртипке салыўдың анық мақсет ҳәм шегараларын белгилеў, исбилерменлик субъектлери тәрепинен жаңа өним ҳәм хызмет түрлерин енгизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў арқалы олар ушын тәртипке салыў жүгин азайтыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Әдиллик министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил және Саўда-санаат палатасының мәмлекет тәрепинен исбилерменлик жумысын тек ғана төмендеги механизмлер арқалы тәртипке салыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў;
исбилерменлик субъектлери жумысының айырым түрлери бойынша лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларын енгизиў;
техникалық жақтан тәртипке салыў;
тариф ҳәм тарифлик емес тәртипке салыў;
нызамда белгиленген тәртипте исбилерменлик субъектлериниң жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў;
мәмлекетлик қадағалаў;
бәсекини қорғаў;
нызам менен исбилерменлик субъектлери ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының жуўапкершилигин орнатыў;
есабатларды енгизиў;
өзин-өзи тәртиптке салыўшы шөлкемге ағзалық (қатнасыў) тийкарында өзин-өзи басқарыўды енгизиў.
Нызамлар менен исбилерменлик жумысын тәртипке салыўдың басқа механизмлери де белгилениўи мүмкин.
- Исбилерменлик жумысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў механизмлери исбилерменлик субъектлери тәрепинен ислеп шығарылатуғын ҳәм реализацияланатуғын товарлар, орынланатуғын жумыслар, көрсетилетуғын хызметлердиң инсан өмири ҳәм денсаўлығы ушын қәўипсизлигин, оның нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде тек ғана нормативлик-ҳуқықый ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер тийкарында енгизилетуғыны;
нормативлик-ҳуқықый ямаса техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжет болып есапланбаған ҳүжжетлерде белгиленген тәртипке салыў механизмлери ҳуқықый ақыбетлерге алып келмейтуғыны белгиленсин.
- Төмендеги талаплар 2023-жыл 1-январьдан бийкар етилсин:
исбилерменлик субъектиниң устав фондын (устав капиталын) азайтыў ҳаққында қарар қабыл етилгенде кредиторларды жазба түрде хабардар етиў ҳәм ғалаба хабар қуралларында бул ҳаққында дағаза бериў;
жаңа импорт автомобильлерин сатыў тек ғана юридикалық тәреплер – ислеп шығарыўшы кәрханалардың рәсмий дилерлери тәрепинен әмелге асырылыўы;
электр энергиясын электр тәмийнаты шәртнамасында белгиленген көлемлерден (айлық шәртнамалық муғдардан) артықша пайдаланған юридикалық тәреплерге электр энергиясын жеткерип бериўди тоқтатып қойыў;
жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен жалланған хызметкерлерди Бирден-бир миллий мийнет системасында есапқа алыў арқалы мәмлекетлик салық хызмети уйымларында айрықша есапқа қойыў.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-марттан:
салық төлеўшилерге салық уйымларының көшпели салық тексериўлери ҳәм салық аудити нәтийжелери бойынша қабыл етилген қарарлары үстинен тиккелей судқа шағым етиў ҳуқықы бериледи;
мәлимлеме қәўипсизлигиниң талапларына әмел еткен ҳалда мүлкке ийелик етиў түрине қарамастан барлық юридикалық тәреплерге Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы коммерциялық хызметлерди көрсетиўге руқсат бериледи. Онда, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мәмлекетлик емес хызметлер көрсетиў тәртиби Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм хызмет көрсетиўши юридикалық шахс тәрепинен белгиленеди;
Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен әмелге асырылатуғын бир шәртнама суммасы базалық есаплаў муғдарының 3 500 есеси ҳәм оннан жоқары болған мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша буйыртпалар тиккелей шәртнамалар тийкарында орынланыўына жолға қойылмайды;
министрлик (уйым, мәкеме) ҳәм оның қурамындағы шөлкем (мәкеме) арасында баҳасы базалық есаплаў муғдарының 3 500 есеси ҳәм оннан жоқары болған товарлар (жумыслар, хызметлер)дың тиккелей шәртнамалар бойынша сатып алыныўы қадаған етиледи.
- Әдиллик министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң 2023-жыл 1-январьдан баслап 1-қосымшаға муўапық тараўлар бойынша юридикалық шахс болған исбилерменлик субъектлериниң заманагөй технологияларға тийкарланған жаңа өним ҳәм хызметлерди ямаса басқа интеллектуаллық жумыс нәтийжелерин қадағалайтуғын шекленген орталықта сынақтан өткериў бойынша жумысын арнаўлы тәртипке салыўды нәзерде тутатуғын «Тәртипке салыў қумдони» арнаўлы ҳуқықый режимин (кейинги орынларда – Арнаўлы ҳуқықый режим) енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 6. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-январьдан:
а) Арнаўлы ҳуқықый режим шеңберинде исбилерменлик субъектлерине төмендегилерге руқсат етиледи:
жаңа өним ҳәм хызметлерди ислеп шығыў, апробациялаў ҳәм енгизиў бағдарларындағы жумысын шекленген ўақыт, аймақ ҳәм шахслар шеңберинде арнаўлы тәртипке салыў арқалы айырым нызамшылық ҳүжжетлериниң нормаларына әмел етпеў;
лицензиясыз ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтпестен жумысты әмелге асырыў, мәмлекет сыры ҳәм нызамшылыққа муўапық пайдаланыў шекленген мағлыўматларды өз ишине алған лицензия ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлер буған кирмейди;
б) Арнаўлы ҳуқықый режим тийисли ўәкилликли уйым ҳәм басламашы арасында ҳәр бир жойбар бойынша айрықша дүзилетуғын келисимге тийкарланып енгизиледи. Онда:
келисимде жойбарды әмелге асырыўдың талап ҳәм шәртлери, соның ишинде, мүддети, аймағы ҳәм шахслар топары, басламашыға қолланылмайтуғын нызамшылық нормалары дизими ҳәм жойбарлаў нәтийжелерин баҳалаў нормалары (индикаторлары) белгиленеди;
ҳәр бир жойбар бойынша Арнаўлы ҳуқықый режимниң әмел етиў мүддети көби менен үш жылды қурайды;
в) Арнаўлы ҳуқықый режим жуўмақлары бойынша тийисли ўәкилликли уйым тәрепинен бир ай мүддетте:
сынаўдан өткерилген өним ҳәм хызметлерди енгизиўдиң мақсетке муўапықлығы бойынша таллаў өткериледи;
өним ҳәм хызметлерди енгизиў мақсетке муўапық деп табылғанда, нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылады.
Министрлер Кабинети 2023-жыл 1-январьға шекем «Тәртипке салыў қумдони» арнаўлы ҳуқықый режимин енгизиў тәртиби ҳаққындағы ўақтыншалық режени, соның ишинде, оны анық бағдарлар кесиминде әмелиятқа қолланыў бойынша «жол картасы»н тастыйықласын.
Әдиллик министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қасқартыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацяиларын раўажландырыў министрлиги сондай-ақ, тийисли ўәкилликли уйымлар менен биргеликте 2025-жыл 1-январьға шекем Арнаўлы ҳуқықый режим енгизилген жойбарларды таллаў нәтийжелери бойынша «Арнаўлы ҳуқықый режим ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПП-60-санлы Пәрманы менен исбилерменликке байланыслы барлық мәжбүрий талапларды Исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талаплар бирден-бир ресстрине (кейинги орынларда – Бирден-бир реестр) киргизиў, тәкирарланыўшы ҳәм өз әҳмийетин жойтқан мәжбүрий талапларды қайта көрип шығыў тәртиби енгизилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- а) Бирден-бир реестр исбилерменлик жумысын тәртипке салыў механизмлери бойынша орнатылған барлық талаплар, олардың мүддетлери, олар менен байланыслы финанслық қәрежетлер, талапларға муўапықлықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлер, қадағалаўшы уйымлар, тексериў түрлери ҳәм жуўапкершилик илажларын өз ишине алатуғыны;
б) Бирден-бир реестрге мағлыўматлар тийисли тараўды тәртипке салыўшы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен киргизилетуғыны;
в) Әдиллик министрлиги Бирден-бир реестрдиң операторы болып есапланатуғыны, Бирден-бир реестр жүргизилиўин методикалық тәмийинлейтуғыны, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң усы тараўдағы жумысын муўапықластыратуғыны;
г) Бирден-бир реестр төмендеги басқышларда қәлиплестирилетуғыны:
биринши басқышта (2023-жыл)-қурылыс, саўда, улыўмалық аўқатланыў, билимлендириў ҳәм транспорт тараўларындағы мәжбүрий талаплар дизими қәлиплестирилетуғыны;
екинши басқышта (2024-2025-жыллар)-барлық тараўлардағы мәжбүрий талаплар дизими қәлиплестирилетуғыны;
д) Бирден-бир реестрди қәлиплестириў процесинде мәжбүрий талаплардың әҳмийетлилиги сын көзқарастан талланатуғыны, тәртипке салыў тәсири баҳаланатуғыны ҳәм олардың саны қысқартылатуғыны;
е) Бирден-бир реестр 2025-жыл 1-июльден баслап толық иске қосылатуғыны. Онда, Бирден-бир реестрге киргизилмеген мәжбүрий талапларды орынламағаны ушын жуўапкершилик белгиленбейтуғыны, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен Бирден-бир реестрге киргизилмеген мәжбүрий талаплардың орынланыўын тексериў қадаған етилетуғыны белгиленсин.
Бирден-бир реестрди қәлиплестириў схемасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте Бирден-бир реестрди қәлиплестириў, жүргизиў ҳәм мағлыўматларды жаңалап барыў тәртибин Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Исбилерменлик субъектлери ушын тәртипке салыў жүгин азайтыў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда – Жумысшы топар) 3-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Жумысшы топар (Ж.Ходжаев) тийисли шөлкемлердиң қәнигелеринен ибарат киши жумысшы топарларды дүзген ҳалда усы Пәрманның 8-бәнтине муўапық тәртипте ҳәм мүддетлерде мәжбүрий талапларды қысқартыў, олардың бирден-бир реестрин қәлиплестириў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Исбилерменлик субъектлерине қосымша қолайлық жаратыў ҳәм тараўдағы бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў бойынша илажлар режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте:
Усы Пәрман менен енгизилген жаңа тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў механизмлериниң Исбилерменлик кодекси жойбарында нәзерде тутылыўын тәмийинлесин;
нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрлиң орынбасары Ж.А.Ходжаев, әдиллик министри Р.Қ.Давлетов ҳәм Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Д.С.Касимов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 9-ноябрь