Түркияның Анталия қаласындағы Акдениз университетиниң доценти Леля Байрамуғуллари Өзбекстан мәмлекетлик конcерваториясы Нөкис филиалында жас флейташыларға мастер-класс өтти ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденияты институтының Нөкис филиалында концерт қойды.
Леля Байрамуғуллари усы жылдың июнь айында Ташкент қаласындағы 3 мектепте шеберлик сабағын өткен еди. Октябрь айында Германияның Веймар қаласында өткерилген Флейта фестивалында ол елимиздиң атынан қатнасып, концерт берди ҳәм ол жерде де шеберлик сабақларын өтти. Усы жылдың 4-9-ноябрь күнлери аралығында быйыл Өзбекстанның ең жақсы композиторы деп табылған хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Мустафа Бафоев тәрепинен Леля Байрамуғулларина бағышлап шығарылған флейта әсбабындағы концертиниң жәҳән премъерасын атқарыўы ушын елимизге мирәт етилген еди. Усы сапары даўамында елимиз бойлап мастер-класслар өткериў де режелестирилген еди.
Қарақалпақстанға сапарында консерваторияның Нөкис филиалында флейта бойынша оқып атырған студент-жасларға шеберлик сабағын өтти.
Оннан соң Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденияты институты Нөкис филиалында концерт шөлкемлестирилип, онда белгили флейташы түрк халқының 6 шығармасын атқарып берди. Сондай-ақ, филиалдың студент-жасларынан ибарат симфониялық ҳәм демли оркестрлер қатнасыўында 5 музыка жыйналғанлардың итибарына усынылды.
-Филиалымызда 3 студентимиз Б.Сәрсенбаев, К.Дошмуратова, М.Салиева флейта бойынша оқып келмекте, -дейди филиалдың аға оқытыўшысы Полатбай Тыныбаев. – Бүгинги шеберлик сабағы студентлеримиздиң келешекте уллы нама атқарыўшы болып жетилисиўине хызмет етери сөзсиз. Усындай итибары ушын Леля Байрамуғулларина, ҳүкиметимиз басшыларына өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
– Мен флейта әсбабы менен 2015-жылдан берли шуғылланаман, -дейди Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының 1-курс студенти Мадина Салиева. – Мениң бул әсбапты терең меңгериўимде ҳәм миллий, сырт еллердиң музыкаларын үйрениўимде устазларым Х.Сабиров, А.Хошымбетовлардың хызмети үлкен болды. Бүгин болса, түркиялы белгили флейташы Леля ападан шеберлик сабағын алып, билимлерим және де тереңлести. Флейта әсбабын шертиў усыллары, дем алыў процеси үстинде ислеў бойынша өзимди қыйнап киятырған сораўларыма жуўап алдым.
Леля Байрамуғуллари мастер-класс өткериў ушын Өзбекстанның басқа ўәлаятларына жол алды.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.