Бул ҳаққында ТМШ экономика ҳәм саўда министрлери менен болып өткен ушырасыўдан соң Бас министрдиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Жамшид Ходжаев мәлим етти.

«Түркий мәмлекетлер шөлкеми экономика ҳәм саўда министрлериниң 11-мәжилисинде саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди және де тереңлестириў мақсетинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Инвестиция қорын шөлкемлестириў бойынша Келисимге қол қойылыўын келисип алдық.

Инвестиция қорын шөлкемлестириў ҳәр тәреплеме қатнасықларымыздың раўажланыўында жаңа тийкар жарататуғынына, исенемен»,-деп атап өтти Ж.Ходжаев.

ӨзА