Усы жылдың 10-11-октябрь күнлери Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ)ниң биринши саммити өткериледи.

Өзбекстан – басқа көп тәреплеме форматлар қатары ТМШ шеңберинде де әпиўайы бақлаўшы емес, ал өзиниң  көз қарасларын билдириўши белсене қатнасыўшы болып, бул арқалы ТМШ күн тәртибин ҳәзирги күн ўақыяларына сәйкес түрде байытыўға үлес қоспақта.

Улыўма алғанда, 2019 (Баку), 2020 (ВКС), 2021(онлайн, Стамбулда) Өзбекстан Президенти ТМШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған 35 тен аслам анық басламаларды алға қойды. Ҳәзирги күнге шекем 20 дан артық басламалар жүзеге шығарылды, атап айтқанда:

– 2021-жыл сентябрь айында Өзбекстанда жас исбилерменлер форумы шөлкемлестирилди ҳәм оның биринши мәжилиси болып өтти;

– транспорт ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын санластырыў бойынша жойбарлар әмелге асырылды: Өзбекстан ҳәм Түркия арасында «еPermit» пилот жойбары сынақтан өткерилди, Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан арасында «санлы TIR» ҳәм «жасыл жол» пилот жойбарлары иске қосылды;

– Өзбекстанның «Universal Logistics Service» (Ташкент), «Akhtachi» (Әндижан) ҳәм «Termez Cargo Centre» (Сурхандәрья) логистика орайлары ТМШның «Дос портлар» процесине қосылды;

– COVID-19 пандемиясына қарсы гүресиў жолында бирге ислесиў бойынша усыныслар әмелге асырылды, пандемияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы муўапықластырыўшы топар және ТМШ шеңберинде эпидемиологиялық жағдайды биргеликте мониторинг етиў, таллаў ҳәм прогнозлаў бойынша турақлы жумыс алып барыўшы система қәлиплестирилди;

– 2021-жыл июнь айында ТМШға ағза мәмлекетлер туризм министрлериниң 6-мәжилиси болып өтти. Қоқанд 2022-жылы «Түрк дүньясының туристлик пайтахты» деп жәрияланды;

– «Уллы зыярат» жойбары иске қосылып, Туризм бойынша «жол картасы» қабыл етилди;

Қоқанд қаласын «Түрк дүньясының туристлик пайтахты» статусын алға қойыў шеңберинде бул қалада 2022-жыл 8-10-июнь күнлери «Қоқанд ханлығының түркий халықлар мәмлекетшилиги ҳәм мәдений мийрасын раўажландырыўдағы орны» темасында халықаралық конференция шөлкемлестирилди;

– 2022-жыл июль айында Ташкент қаласында ТМШға ағза мәмлекетлер аўыл хожалығы министрлериниң биринши мәжилиси болып өтти ҳәм ағза мәмлекетлердиң тараўға байланыслы министрликлери, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер ҳәм бақлаўшылар, исбилермен топарлардың 300 ден аслам ўәкиллериниң қатнасыўында Биринши Түркий Агрофорум шөлкемлестирилди;

– «Жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў жылы» шеңберинде 2022-жыл июнь айында Бухара қаласында Жас лидерлердиң IV форумы шөлкемлестирилди. Форум даўамында Бухара «Түрк дүньясының биринши жаслар пайтахты» деп жәрияланды;

– Әлийшер Наўайы атындағы «Түрк дүньясы бирлигин тәмийинлеўге қосқан үлеси ушын» халықаралық сыйлығы шөлкемлестирилди;

– Махмуд Қашғарий, Юсуф Хас Хажип, Әлийшер Наўайы, Муса Әл-Хорезмий сыяқлы илимпаз бабаларымыздың мәдений мийрасына бағышланған халықаралық илимий әнжуманлар өткерди;

– Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи бойынша ТМШ структурасы, Түркий халықлар мийрасын үйрениў халықаралық орайы, IТ -қәнигелер платоформасы, Инжиниринг-технология орайы ҳәм Түркий мәмлекетлердиң саўдада бирге ислесиўи бойынша изертлеў орайы ҳәм басқаларды жаратыўға байланыслы концепциялар ислеп шығылмақта.

Бул ҳәм басқа да басламалар ТМШ шеңберинде көп қырлы бирге ислесиўдиң жаңа форматларын жолға қойыў, оның институционаллық ҳәм әмелий потенциалын беккемлеў имканиятын береди.

ӨзА