Орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар халықтың дәртин тыңлаў, олардың машқалаларын унамлы шешиўде күтилген нәтийжелерди бермекте.
Төрткүл районындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Ҳәкимшилик судының басшылары тәрепинен гезектеги көшпели қабыллаў өткерилди.
Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы оннан аслам мүрәжатлары көрип шығылды.
Атап айтқанда, Төрткүл районындағы Уллы бағ АПЖ турғыны Абдирасул Садраддинов өзине тийисли болған жер майданы кадастр тәрепинен қайта хатлаўдан өткерилип, бир бөлегин қоңсысына тийисли деп белгилегенинен наразы болып мүрәжат етти. Оған ҳуқықый түсиник берилди.
Ал, район турғыны Юлдашбай Боранбаев турақ жай коммунал хызмети агентлиги хызметкерлери тәрепинен жәрийма салынғанлығынан наразы болып мүрәжат етти. Пуқараға ЖИБ Төрткүл районы судына арза менен мүрәжат етиў ҳуқықы түсиндирилди.
Райондағы және бир пуқара Набижан Хасанов жынаят ислери бойынша Амиўдәрья районы суды қарарынан наразы болып мүрәжат етти. Бул пуқараға да ҳуқықый түсиниклер берилди.
Мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.