Кегейли районлық медицина бирлеспеси имаратында ири оңлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. Имаратта улыўма баҳасы 3 миллиард 453 миллион 180 мың сумлық қурылыс жумыслары алып барылды. Оңлаў жумысларын алып барыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы» менен «Елликқала электрон почтасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында шәртнама дүзилди.

-Буннан бир жыл алдын Кегейли районлық орайласқан медицина бирлеспесинде ири қурылыс жумыслары басланған еди, -дейди Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Н.Дәўенова. – Қурылыс усы жыл сентябрь айының ақырларында жуўмақланды. Бүгинги күнге шекем жаңа имаратқа орналасыў жумыслары алып барылып, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

– Буннан 2 ай бурын районымыздағы емлеўханада оңлаў жумыслары болып атырғаны себепли Халқабад қаласындағы емлеўханада жатып, емлендим. Оңлаў жуўмақланғаннан кейин келип, усы жерде емленип атырман, -дейди пуқара Ф.Бердимбетова. – Жаңа имаратта барлық шараятлар жаратылған. Палаталар ыссы, таза, барлығында салқын ҳәм ыссы суўлар ағып тур. Шыпакерлерге айрықша миннетдаршылығымды билдиргим келеди. Келгенимде жағдайым аўыр еди. Ҳәзир денсаўлығым тикленип, аяққа турдым.

Имаратта заманагөй медициналық әсбап-үскенелерден, атап айтқанда, УЗИ, ЭКГ, рентген, ўақытша жасалма дем алдырыў аппараты ҳәм лаборатория үскенелеринен анализ қойыў ҳәм емлеўде, профилактикалық илажларды өткериўде кеңнен пайдаланылмақта.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.