Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында жеке қурамның қатнасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған ушырасыў болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң «Мәмлекетлик бажыхана уйымларының хъызметкерлери арасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўиниң алдын алыў илажларын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы буйрығының талабы, сондай-ақ, комитет тәрепинен тастыйықланған әдеп-икрамлылық қағыйдалары хызметкерлерге және бир мәрте түсиндирилди.
Атап өтилгениндей, бүгин бажыхана уйымларында коррупцияға қарсы маўасасыз гүрес алып барылмақта, оған бейимлиги болған хызметкерлер қатаң жазаланбақта. Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, «бажыхана коррупциядан жырақ системаға айланыўы керек», бул жолда барлық имканиятлардан пайдаланылмақта.
Тараўда коррупцияға байланыслы унамсыз жағдайлардың алдын алыў, оған бейимлиги болған хызметкерлер менен жеке тәризде алып барылып атырған профилактикалық илажлар таныстырылды.
Бүгинги күни бажыхана хызметкерлериниң социаллық қорғалыўына қаратылып атырған итибар, бажыханашылардың перзентлериниң жоқары жоқары оқыў орынларына кириўине ажыратылып атырған қосымша квоталар ҳәр бир хызметкерден ҳадаллық ҳәм пәкликти, өзиниң хызмет ўазыйпасын минсиз атқарыўды талап етеди. Солай екен, жеңил жол менен мол дәрамат табыўға урыныў тек өзиниң хызмет ўазыйпасына емес, ал, перзентлериниң де келешегине кери тәсир ететуғынлығы атап өтилди. Сонлықтанда өзин ҳәм кәсиплеслерин бул иллеттиң шырмаўына түсиў қалыўдан сақлаў ҳәр бир бажыханашының әдиўли миннети болыўы тийис.
Басқарма жеке қурамы арасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бағдарында соңғы жыллары айтарлықтай профилактикалық илажлар әмелге асырылып келинбекте. Атап айтқанда, усы жылдың басынан берли 232 хызметкер менен жеке сәўбетлесиў өткерилген болса, 66 хызметкердиң ата-анасы ҳәм шаңарақ ағзаларына антикоррупиялық улыўма формада ескертиў хатларының жиберилиўи тәмийинленди. Хызмет ўазыйпасын атқарыў даўамында кемшиликлерге жол қойған 13 хызметкер интизамый жазаға тартылды.
Алып барылып атырған бундай илажлар бажыхананы коррупциядан жырақ тараўға айландырыўға, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлиги ҳақыйқый Ўатанды сүйиўшилер қолында болыўына тийкар жаратады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.