Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық кеңеслерине усы партиядан сайланған депутатларға жаңа редакциядағы нызам –  Өзбекстан Республикасының «Мүрәжатлар ҳаққында»ғы нызамды кең түрде түсиндириў илажы өткерилди.

Онда атап өтилгениндей, соңғы жыллары халқымыздан келип түсип атырған мүрәжатлар саны артып бармақта. Усы жылдың өткен 9 айы даўамында Кеңеске физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 600 ге шамалас мүрәжат келип түскен. Соннан 183 мүрәжат орнатылған тәртипте көрип шығылған ҳәм түсиник жумыслары алып барылып, жуўап берилген. 150 мүрәжаттың орынланыўы қадағалаўға алынған. Мүрәжатлардың 20-25 проценти жумысқа орналасыў ҳәм денсаўлығын тиклеўге, 17 проценти коммуналлық тараўға, ал, қалғанлары кредит алыў, турақ жай ҳәм жер мәселелери, мийнет ҳақы, пенсия менен байланыслы мүрәжатлар болып табылады.

– Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесинде партиямыздан 7 депутат сайланған болып, партияның депутатлық топары жумыс алып бармақта, -дейди районлық кеңес депутаты Қ.Жақсымуратов. – Өзлеримиз сайланған аймақта үйме-үй жүрип үйрениўлер, сайлаўшылар менен ушырасыўлар, қабыллаўлар өткерилмекте.

Илажда билдирилген пикир-усыныслар кең түрде талқыланып, халықтың мүрәжатлары менен ислесиўде депутатлардың орнын ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, олардың сайланған аймағындағы машқалалардың тийисли уйымлар тәрепинен шешилиў процесин турақлы қадағалап барыў, әсиресе, ең шетки аймақлардағы халықтың жасаў шараятын үйрениў ҳәм жақсылаў мәселесине итибар қаратыў кереклиги атап өтилди.

Илаж соңында халықтың мүрәжатларын шешиўде үлги көрсеткен партия хызметкерлери ҳәм депутатлар Кеңес тәрепинен сыйлықланды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.