Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетинде студент-жаслар ушын «Пуқаралардың зәҳәрли газ ийисинен зәҳәрлениўиниң алдын алыў» атамасында үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.

Илажда Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлими баслығының орынбасары, майор Қ.Аметов, университеттиң профилактика инспекторы, капитан И.Ережепов ҳәм басқалар сөзге шығып, ҳаўа райының суўытыўы менен үйди жылытатуғын үскенелерге талап артыўына байланыслы өрттиң келип шығыў қәўпи артатуғынын атап өтти.

Гүзги-қысқы жылытыў мәўсиминде жүз беретуғын айрықша жағдайлардың көпшилиги зәҳәрли газ ийисинен заҳарлениў жағдайлары болып, зәҳәрли газ реңсиз, ийиссиз бирикпе есапланады. Ол тәбийғый газдиң, жанылғының, көмир ҳәм оттың толық жанбаўы нәтийжесинде пайда болады. Түтинниң қурамында 3  процент, қайта исленген газде 13 процент, жарылатуғын газлердиң қурамында 50-60 процентке шекем  зәҳәрли газ ийиси болады. Ол адам организмин дем алыў органлары арқалы зәҳәрлеп, гемоглобинниң тоқымаларға кислород тасыўына тосқынлық етеди. Егер газдиң ийиси сезилсе, айна ҳәм есиклерди ашып, көшеге шығыў ҳәм 104 ямаса 1050 номерлерине қоңыраў етиў керек.

Илаж даўамында сондай-ақ, университеттиң профилактика ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспекторлары студент-жасларды жәмийетлик тәртип, жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдалары менен таныстырып, бүгинги күнде жаслар арасында ушырасып атырған жынаятлар, жәмийетлик орынларда жәнжеллесиў, социаллық тармақлардағы алдаўшылық жағдайларының ақыбетлери кең түрде түсиндирилди.

Жасларды айрықша жағдайлардан қорғаў, олар ҳаққында хабардарлығын арттырыў, жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде шөлкемлестирилген бундай илажлар барлық жоқары оқыўларында өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.