Корпоративлик қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириў илажлары ҳаққындағы Президент қарары (ПҚ-415-санлы, 08.11.2022-ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2022-жыл 1-декабрьден коммерциялық шөлкемлердиң жумысында төмендеги талаплар бийкар етиледи:

– төмендеги шөлкемлерде ишки аудитти шөлкемлестириў:

– жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер;

– активлердиң баланс баҳасы БЕМниң 100 мың есесинен аз, мәмлекетлик үлеси 50 проценттен ҳәм оннан көп акционерлик жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары;

– ЖШЖның шөлкемлестириў шәртнамасын мәмлекетлик дизимнен өткериў;

– ЖШЖның ўәкиллерине улыўма мәжилисте қатнасыў ушын берилетуғын исеним хатын нотариал тастыйықлаў;

– ЖШЖда резерв қоры шөлкемлестирилгенде, оның муғдарын устав фондының кеминде 15 проценти етип белгилеў.

2023-жыл 1-марттан унитар кәрхана ямаса қосымша жуўапкершиликли жәмийет түринде юридикалық тәреп шөлкемлестириў тоқтатылады.

2023-жыл 1-апрельден:

– ЖШЖ устав фондына қосылатуғын баҳасы БЕМниң 10 мың есесинен көп пулсыз үлеслер баҳалаўшы шөлкем тәрепинен баҳаланады ҳәм баҳаланған баҳадан жоқары болыўы мүмкин емес;

– юридикалық тәреплер қайтадан шөлкемлестирилгенде, кәрханалардың ҳуқықлары менен миннетлемелери қайта шөлкемлестирилген юридикалық тәрепке өткен болып есапланады.

2023-жыл 1-июльден хожалық жәмийетиниң филиаллары, ўәкилханалары шөлкемлестирилгени ҳәм оның устав фонды қәлиплестирилгенлиги және төлемге уқыпсызылығы бойынша бақланғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz)ында жәрияланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги