Royalty Fine Art&Antiques ким зыят саўдасында (8-9-ноябрь) марҳум патшайым Елизавета II ниң көплеген жеке нәрселери сатылмақта. Олардың арасында өзгеше сүўретлер ҳәм болажақ ханзадаға Ҳаяллар аймақлық корпусында хызмет еткен ўақтында берилген ўақтыншалық айдаўшылық гүўалығы да бар.
Патшайымның айдаўшылық гүўалығының басланғыш баҳасы – 2 000 фунт стерлинг (2,3 мың АҚШ доллары) әтирапында.
Reeman Dansie Auctions атқарыўшы директоры Жеймс Гринтер кимзыят саўдалары қызғын өтиўин күтпекте. Оның пикиринше, ең қызығыўшылық үлкен лот әйне Елизаветаның автомектепте оқығаны ҳаққындағы гүўалық. Бул патшайымның өмириндеги жалғыз жеке ҳүжжет. Патшайымның паспорты болмаған, машинаны болса «права»сыз басқарған, себеби Британияда бул ҳүжжетлер ҳүкимдар атынан бериледи.
Монарх өзине-өзи бул ҳүжжетлерди бериўи мүмкин емес.
Ноябрь айы ақырында, сондай-ақ, Елизавета II ниң сүйикли машиналарынан бири – Jaguar X-Type Estate сатыўға қойылыўы күтилмекте. 2009-жылда шығарылған бул автомобилге 3 литр сыйымлықтағы V6 бензинли двигатели орнатылған.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги