Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларды додалаў порталында «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызам жайластырылды.

Киргизилип атырған толықтырыўға бола, Өзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыл етиўдиң әпиўайыластырылған тәртиби сырт мәмлекеттиң пуқарасы болған ямаса пуқаралығы болмаған шахс тәрепинен елимизде әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарларға кеминде 1 млн АҚШ доллары эквивалентинде инвестиция киргизген физикалық тәрепке ямаса белгили илимпаз, спортшы, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерине қолланылады.

Атап өтилиўинше, «Баҳалы қағазлар орайлық депозитариясы» МУК ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен сырт ел пуқарасы болған ямаса пуқаралығы болмаған пуқараға 1 млн АҚШ доллары эквивалентинде инвестиция киргизилгенин тастыйықлаўшы мағлыўматнама бериледи.

Қарақалапақстан хабар агентлиги