Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-ноябрь күни Санкт-Перербург қаласы губернаторы Александр Беглов басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Еки мәмлекет аймақлары дәрежесиндеги әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыўды кеңейтиў ушын заманагөй саўда-коммерциялық ҳәм логистикалық инфраструктураны жаратыў, жетекши кәрханалардың санаат кооперациясы бойынша жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў, турақ жай коммуналлық хожалық ҳәм қала қурылысы тараўларында шерикликти тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлардың даўам еттирилиўи қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан аймақларының Санкт-Петербург қаласы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўи бойынша «жол картасы»н таярлаў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.

ӨзА