Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Өзбекстан Республикасы Конституциясы халқымыздың сиясий-ҳуқықый ой-санасының айқын белгиси сыпатында демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыў, халықтың еркин ҳәм абат турмысын тәмийинлеў, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин жоқарылатыў ҳәм барлық тараўларда реформаларды табыслы әмелге асырыўда беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Елимиз раўажланыўының жаңа басқышында халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысы ушын исенимли кепил болған Бас Нызамымызды ҳәзирги дәўир талапларына сәйкес ҳалда, ең әҳмийетлиси, пуқараларымыздың қәлеўи, ерк-ықрары ҳәм пикири және мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың бас мақсети болған «Инсан-жәмийет-мәмлекет» принципи тийкарында ҳақыйқый халық Конституциясына айландырыў жумыслары избе-из әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен, сондай-ақ, мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық, сиясий, жәмийетлик, илимий, руўхый потенциалын жоқарылатыў, қорғаныў қүдиретин арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған ўатанласларымызды сыйлықлаў мақсетинде:

  1. «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси шөлкемлестирилсин.
  2. «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық, сиясий, жәмийетлик, илимий, руўхый потенциалын жоқарылатыў, қорғаныў қүдиретин арттырыў, мәмлекетимиз шегараларына қол қатылмаслығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты сақлаў, Жаңа Өзбекстанда демократиялық реформаларды тереңлестириў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери, қәдири улығланатуғын әдил пуқаралық жәмийетин қурыў, Тийкарғы Нызамымыздың турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған барлық тараў ўәкиллери, мийнет ветеранлары, әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм басқа да шахслар сыйлықланатуғыны;

«Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмаған шахслар да сыйлықланыўы мүмкин екенлиги белгиленсин.

  1. «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгисиниң режеси ҳәм сыпатламасы 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  2. Министрлер Кабинети (А.Арипов) бир ай мүддетте:

«Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгилери ҳәм олардың гүўалықлары белгиленген тәртипте таярланыўын тәмийинлесин;

«Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықлаў ушын талабанлар бойынша усынысларды топлаў ҳәм улыўмаластырыў жумысларын шөлкемлестирсин.

  1. Министрликлер, уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да республикалық уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгилери Конституция қабыл етилген күн мүнәсибети менен орынларда өткерилетуғын илажларда салтанатлы жағдайда тапсырылыўын шөлкемлестирсин.
  2. «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгилери ҳәм олардың гүўалықларын таярлаўға байланыслы қәрежетлер Министрлер Кабинетиниң резерв қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы бәнтте нәзерде тутылған илажларға байланыслы қәрежетлер ушын Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықлаўға бағышланған илажларды ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытыў жумысларын шөлкемлестирсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 8-ноябрь

*      *     *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2022-жыл 8-ноябрьдеги ПП-243-санлы Пәрманына

1-қосымша

«Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы»

естелик белгиси ҳаққындағы

РЕЖЕ

  1. «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық, сиясий, жәмийетлик, илимий, руўхый потенциалын жоқарылатыў, қорғаныў қүдиретин арттырыў, мәмлекетимиз шегараларының қол қатылмаслығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты сақлаў, Жаңа Өзбекстанда демократиялық реформаларды тереңлестириў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери, қәдири улығланатуғын әдил пуқаралық жәмийетин қурыў, Тийкарғы Нызамымыздың турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған барлық тараў ўәкиллери, мийнет ветеранлары, әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ҳәм басқа да шахслар сыйлықланады.
  2. «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмаған шахслар да сыйлықланыўы мүмкин.
  3. «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса оның атынан Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери, Бас министр, министрликлер, уйымлардың ҳәм жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да республикалық уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, сондай-ақ, усы жумысқа ўәкил етилген басқа шахслар тәрепинен салтанатлы жағдайда тапсырылады.

Сыйлықланғанларға естелик белги менен бирге оның гүўалығы бериледи.

  1. «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси көкиректиң шеп тәрепинен мәмлекетлик сыйлықлардан кейин тағылады.

*     *    *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2022-жыл 8-ноябрьдеги ПП-243-санлы Пәрманына

2-қосымша

«Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы»

естелик белгисиниң

СЫПАТЛАМАСЫ

«Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси 0,25 микрон қалыңлықта алтын менен қапланған мыс қуймасынан таярланады ҳәм диаметри 34 миллиметрлик шеңбер түринде болады. Естелик белгиниң улыўма бийиклиги 54 миллиметрди қурайды.

Естелик белгисиниң қалыңлығы – 2,2 миллиметр, алдыңғы ҳәм артқы тәреплериниң шетлери дөңки шеңбер менен оралған.

Естелик белгисиниң алдыңғы тәрепиниң орайында миллий нағыслар фонында нызамлылық ҳәм әдиллик тымсалы болған тәрези ҳәм ашық жағдайдағы китап – Өзбекстан Республикасы Конституциясы рәсмий мәниде сәўлелендирилген. Китап көринисиниң ишинде бийиклиги 8,6 миллиметр болған «30», төменги бөлиминде болса бийиклиги 2,5 миллиметрлик «YILLIGI» жазыўы жайласқан.

Китап көринисиниң артында мәмлекетимиз суверенитети ҳәм шегараларымыздың қолқатылмаслығын билдириўши миллий нағыстағы беккем дәрўаза сәўлелендирилген.

Естелик белгисиниң айланасы миллий нағыслар менен безелген болып, оның жоқары бөлиминде «O‘ZBЕKISTON», төменги бөлиминде «KONSTITUTSIYASINING» сөзлери жазылған. Жазыўлар ҳәм сүўретлер алтын жалатылған реңде болып, ҳәриплердиң бийиклиги 1,8 миллиметрди қурайды.

Естелик белгисиниң артқы тәрепинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик герби сүўретленген.

Естелик белгиси Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлериндеги шайы лента менен қапланған туўры төртмүйеш түриндеги илдиргишке илгеклер ҳәм айланба жәрдеминде жалғанған. Илдиргиштиң бойы – 16 миллиметр, ени – 25 миллиметр.

Илдиргиштиң артқы тәрепинен естелик белгисин кийимге тағып қойыў ушын илгек көринисиндеги үскене орнатылған.

–0–