Президентимиздиң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, фондтың Әмиўдәрья районы бөлимшесиниң басламасы менен стол тенниси бойынша «Мәҳәлле кубоги» жарысының районлық басқышы болып өтти.
Районлық Спортты раўажландырыў бөлими ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте қабыл етилген қоспа қарар тийкарында шөлкемлестирилген жарыста 49 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынынан жас өспиримлер ҳәм қызлардан ибарат командалар қатнасты.
Жарыс жуўмағында Бай аўыл мәкан пуқаралар жыйыны командасынан Дилшодбек Базарбаев ҳәм Ирода Қурбанбаевалар биринши орында ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Жеңимпазлар менен сыйлы орын ийелерине «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районы бөлимшеси тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги