Нөкис районы Кердер аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен “Сергеклик дәўир талабы”, “Экстремизм, терроризм ҳәм миссионерлик –қәўетерли апатшылық” атамаларында профилактикалық ушырасыў өткерилди.

Илажға Дин ислери бойынша комитетиниң Нөкис районлық бөлими бас қәнигеси Д.Таўекелов, районлық Ишки ислер бөлиминиң Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў оператив хызметкери М.Джолдасов, Нөкис районы бас имам-хатиби А.Салимов, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, аймақта жайласқан 11-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры Қ.Қайыпназаров ҳәм аўыл турғынлары қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм жас әўладтың түрли жат ағымлар тәсирине түсип қалыўының алдын алыў, экстремизм, терроризм ҳәм миссионерликтиң унамсыз көринислери ҳаққында мағлыўмат берип,  Ўатанға муҳаббат, тынышлықтың қәдирине жетиў ҳәм шүкиршилик етиў киби темаларда үгит-нәсият жумысларын алып барды.

Сондай-ақ,  дин нықабы астында түрли рәсмий емес шөлкемлер тәрепинен дүньяда болып атырған жаўызлықлар, буған алып келген себеп ҳәм шараятлар додаланып, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм татыўлықтың қәдирине жетиў, ҳеш қашан бийпәрўалық  ҳәм итибарсызлыққа берилмеў, халқымыздың тынышлығын, мәмлекетимидиң  абаданлығын тәмийинлеў бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Илаж даўамында темаға байланыслы ҳүжжетли фильм қойып берилди.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.