Мәмлекетлик хызметке хызметкерлерди жумысқа қабыл етиўде, онға шамалас ҳүжжет талап етилген. Ендигиден былай бундай қағазбазлыққа шек қойылмақта.
Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң my.argos.uz платформасында мәмлекетлик хызметкерлер ҳаққында барлық мағлыўматларды жыйнаў имканияты жаратылды. Бул система арқалы мәмлекетлик пуқаралық хызметкер өзиниң жумысына байланыслы мағлыўматларды ислеўи ҳәм қосымша интерактив хызметлерден пайдаланыў имканиятына ийе. Бул платформа вакансиялар порталы менен интеграцияланған.
Қосымша қолайлық сыпатында усы электрон системада талабанлардың мийнет етиўи менен бир қатарда қәнигелик арттырғаны ҳаққындағы сертификатлар, билим бойынша тестлер нәтийжелери, хошаметлеў ҳәм қолланылған тәртип-қағыйда илажлар, сондай-ақ, пайдаланыўшының дене салмағы индекслерин бақлаў имканияты жаратылған.
Системада жаңаланған мәмлекетлик пуқаралық хызметке жумысқа кирмекши болған талабанның вакант лаўазымлар ашық порталы (vacancy.argos.uz)ындағы жеке кабинетине автоматикалық түрде келеди.
Енди мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў ушын талабанлар қағазлар топламынан ибарат жеке бет (объективка) ҳәм бир қанша мағлыўматларды көтерип мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге сергиздан болып жүрмейди. Талабан ҳаққындағы барлық мағлыўматлар Бирден-бир миллий мийнет системасы арқалы автоматикалық түрде оның электрон арзасында сәўлеленеди. Оның ушын электрон платформаға кирип, 3-4 қәдемнен ибарат ҳәрекет арқалы өзлерине мүнәсип вакант лаўазымға арза жибериў жетерли.
Президентимиздиң басшылығында 2022-жылдың 4-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде 2022-жыл 1-ноябрьден ески үлгидеги «объективка» менен шекленбестен, хызметкердиң маманлығы ҳәм потенциалы, ерискен нәтийжелерин баҳалайтуғын системаға өтиў ўазыйпасы тапсырылды.
Тапсырманың орынланыўы сыпатында мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң басшылық лаўазымлары резервине киргизилген хызметкерлердиң жеке мағлыўматлары, көнликпе ҳәм компетенциялары және жумысы, сондай-ақ, ассессмент нәтийжелери бойынша көрсеткишлерден шөлкемлескен электрон портфолио ислеп шығылды.
Портфолионың байланыс мағлыўматлары бөлиминде жеке мағлыўматлар, денсаўлығы ҳәм физикалық жағдайы бойынша, мағлыўматы және мийнет жумыс ислеў бөлиминде маманлық арттырылғаны, жумысындағы жетискенликлер, жумыс нәтийжелилиги ҳәм қосымша мағлыўматлар киргизиледи. Ассессмент нәтийжелери бөлиминде болса хызметкердиң психологиялық портрети ҳәм психологиялық жуўмақ, билими бойынша тест нәтийжелери, сөйлесиў нәтийжелери және хызметкер ушын зәрүр усыныслар сәўлеленген.
Бул жаңа система артықша ҳәрекет ҳәм бюрократияны сапластырып, мүнәсип кадрларды мәмлекетлик хызметке таңлап алыў, лаўазымға көтериўде әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.
Н.Абдураимова,
ӨзА