Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 23-ноябрьдеги “Өзбекстан Кəсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында”ғы
Нызамы менен “11-ноябрь-Өзбекстан Кəсиплик аўқамлары күни” сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте.
Усы сәнеге бағышланып Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен спорттың мини футбол түринен усы басқарма баслығының көшпели кубоги ушын жарыс шөлкемлестирилди.
Онда басқарма қурамындағы Арнаўлы ўазыйпаларды орынлаў аймақлық қутқарыў отряды ҳəм районлардағы қәнигелестирилген өрттен қутқарыў бөлимшелеринде ислеўши хызметкерлерден ибарат 19 команда өз-ара күш сынасты.
Жарыс жуўмағында Мойнақ районы Айрықша жағдайлар бөлиминиң 15-санлы қәнигелестирилген өрттен қутқарыў бөлимшеси биринши, Арнаўлы ўазыйпаларды орынлаў аймақлық қутқарыў отряды екинши ҳəм Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими 6-санлы қәнигелестирилген өрт қутқарыў бөлимшеси үшинши орынды ийелеп, Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы кəсиплик аўқамы шөлкеми тəрепинен көшпели кубок, диплом ҳəм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, жарыста өз шеберликлерин көрсеткен бир қатар хызметкерлер “Ең жақсы дәрўазаман”, “Ең жақсы қорғаўшы”, “Ең жақсы ҳүжимши” ҳəм “Ең белсенди қатнасқан команда” номинациялары бойынша да жеңимпаз деп табылып, оларға сыйлы саўғалар тапсырылды.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.