Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы тәрепинен өткен жылдан берли Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Халықларды үйрениў фонды (UNFPA-ЮНФПА) менен биргеликте республикамыз аймағында жаслардың репродуктивлик саламатлығы ҳәм оларда өз-ара дослық қатнасықларын жетилистириў бойынша таярланған жойбар тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында усы жыл 7-8-ноябрь күнлери жойбар шеңберинде исленген жумыслар менен таныстырыў мақсетинде «Жаслардың репродуктивлик саламатлығы ҳәм оларда өз-ара дослық қатнасықларын жетилистириў» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.
Онда волонтёрлар менен бирге аймақта жасап атырған, COVID-19 вирусы менен кеселленген наўқаслардың қалай емлениў кереклиги, дурыс аўқатланыў, суў, санитария, гигиена ҳәм жас өспиримлердиң шараятын жақсылаў және талантлы жаслардан пайдаланыў арқалы инвестиция киргизиў ҳәм басқа да усы жойбар шеңберинде исленип атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.
Жойбарда тийкарынан халық пенен бирге ислесиў, COVID-19 вирусы пандемиясы ўақтында ҳәм оннан кейинги емлениў жоллары, репродуктивлик саламатлықты беккемлеў арқалы шаңарақларда саламат перзенттиң дүньяға келиўин ҳәм жуўапкер ата-аналықты тәмийинлеў, шаңарақлардың турмыс потенциалын жақсылаў, гендер мәселеси, жасларды жәмийетлик жумысларға қамтыў, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары менен биргеликте сол жердеги турғынлардың аўызбиршилигин, бәнтлигин тәмийинлеў, ҳәр бир кеселликтиң ҳәм өз жанына қастыяншылық етиўдиң алдын алыў, жаслар арасында ерте турмыс қурыўдың, ҳуқықбузарлықтың, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм тағы басқа мәселелер қамтып алынған.
– «COVID-19 вирусы пандемиясы ўақтында ҳәм оннан кейин Қарақалпақстанның турақлы келешеги ушын денсаўлықты сақлаў, аўқатланыў, суў, санитария, гигиена ҳәм жас өспиримлердиң шараятын жақсылаў ҳәм талантлы жаслардан пайдаланыў арқалы инвестиция киргизиў жойбарын әмелге асырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы профессор-оқытыўшыларынан ибарат методистлер ҳәм тренерлер топары шөлкемлестирилди,-дейди жойбар координаторы Искендер Пирниязов.
2021-2022-жылларға мөлшерленген жойбар ислеп шығылды. Соның менен бирге волонтёр (ықтыярлы)лар топары дүзилди.
Усы топардың тийкарғы мақсети 3 пилот районда мектеп оқыўшылары, ата-аналар арасында жоқарыда айтылған мәселелер бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў, мектеплердеги муғаллимлер, оқыўшы-жаслар ушын «Саламат турмыс тәризи», «Репродуктивлик саламатлық», «Жынысый жол менен жуғатуғын жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў» ҳәм басқа мәселелер бойынша мағлыўматларды жеткериў ҳәм тәрбия бериў методикасын ислеп шығыўдан ибарат.
Волонтёрлар топары болса, жаслар арасында «Peer to-peer» (заманлас-заманласқа) принципи тийкарында жумыс алып барды. Яғный, ержетпегенлер арасында ҳәмиледарлық, ерте турмыс қурыўдың алдын алыў, жынысый тәрбия, контрацепция, жынысый жол менен жуғатуғын жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў темаларында семинар-тренинглерди өткерип, түсиник жумысларын алып бармақта.
Ушырасыўда әмелге асырылған жумыслар додаланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ, берилетуғын мағлыўматлардың әпиўайы тәризде, түсиникли болыўы, ўақыттың қызықлы, мазмунлы өтиўи ушын мағлыўматлар ҳәр қыйлы интерактив сәўбетлесиўлер, ойынлар өткерилиўи арқалы жеткерилип барылды.
Жойбар жумысларында белсендилик көрсеткен бир қатар волонтёрлар хошаметленип, естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.