Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ҳәзирги ўақытта исбилерменликти раўажландырыў, оларға әмелий жәрдемлер бериў, оқытыў, өз өнимлерин экспортқа шығарыў мәселелеринде жәрдем бериў сыяқлы өзине жүкленген ўазыйпалар ҳәм берилген ўәкилликлерден келип шыққан ҳалда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, басқарма тәрепинен 2022-жылдың январь-сентябрь айларында исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мақсетинде 7055 мүрәжат көрип шығылып, тийисли тәртипте судларға даўа арзалар киргизилген. Cоннан 6792 мүрәжат тийисли тәртипте өз шешимин тапқан.
– Соның менен бирге, судларға палата ағзаларының мәпин қорғаў мақсетинде жәми 732 миллиард 735 миллион 308 мың 337 сумлық даўа арзалар киргизилди ҳәм исбилерменлердиң ҳуқуқына бола өз шешимин тапты,-дейди басқарма баслығының орынбасары Қ.Турсунов. – Сондай-ақ, 93 жағдайда исбилерменлик субъектлери арасында жүзеге келген келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў (медиация) процесслери әмелге асырылып, ҳәкимшилик судлары тәрепинен өз шешимин тапты.
Есабат дәўиринде исбилерменлик субъектлерине бизнести шөлкемлестириў, жүргизиў ҳәм және де раўажландырыў сыяқлы мәселелерде ушырасып атырған машқалаларды шешиўде ҳәм көмеклесиўде палатаға исбилерменлик субъектлери тәрепинен 1427 мүрәжат келип түсти. Бул мүрәжатлардың 1225 си тийисли тәртипте өз шешимин тапты, ал қалған 202 мүрәжаттың ийелерине мүрәжаты бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Палатаның Исбилерменликке жәрдемлесиў орайының қала ҳәм районлардағы бөлимлери тәрепинен орынлардағы қамсызландырыў компанияларының филиаллары менен 8, баҳалаў компаниялары менен 1, оқыў орайлары менен 2 бирге ислесиў (агентлик) шәртнамалары дүзилди.
Исбилерменлик субъектлерине хызметлер көрсетиў бойынша Нөкис қаласында ҳәм районларда Исбилерменликке жәрдемлесиў орайының бөлимлери өз жумысларын толық жолға қойып, январь-сентябь айларында олар тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге 2301 хызмет көрсетилди.
Соннан, 1630 хызмет бийпул, 671 хызмет төлемли. Жәми 68 миллион 334 мың сумлық хызметлер көрсетилген.
Усы жылдың январь-сентябрь айларында жергиликли исбилерменлик субъектлериниң ислеп шығарған өнимлерин экспортқа шығарыў мақсетинде Палата тәрепинен Түркия, Россия, Қазақстан, Тәжикстан, Қытай мәмлекетлериндеги ўәкилликлерине коммерциялық усыныслар бериў арқалы жәми 11 исбилерменниң 105 миллион 667,6 мың АҚШ доллары муғдарындағы өнимлерин Тәжикстан ҳәм Россия Федерацияларына экспорт етиўинде әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Исбилерменлик субъектлериниң жумысларын шөлкемлестириў ҳәм модернизациялаў мақсетинде сырт мәмлекетлерден үскенелер, технологиялар алып келиў бойынша жәми 31 исбилерменлик субъектине 330 мың АҚШ доллары муғдарындағы шәртнамалардың дүзилиўинде ҳәм алып келиўде әмелий жәрдем көрсетилди.
Палатаның жәрдеминде 9 ай даўамында 19 бизнес форум, көргизбе ҳәм ярмаркалар шөлкемлестирилди. Усы илажларға мыңнан аслам исбилерменлер қатнасты. Соннан сырт еллерде өткерилген бизнес форум, көргизбе ҳәм ярмаркаларға 5 исбилерменлик субъекти қатнасып, тәжирийбе арттырып келисим ҳәм шәртнамалар дүзиў бойынша жақсы нәтийжелерге еристи.
Исбилерменлик орталығында экспортты ҳәм сыртқы саўда қатнасықларын жақсылаў бойынша жергиликли исбилерменлик субъектлери ҳәм сырт ел палаталары, сырт ел исбилерменлери арасында 15 онлайн видеосәўбет ушырасыўлары өткерилип, онда 60 тан аслам жергиликли исбилерменлик субъектлери қатнасты.
Палата тәрепинен исбилерменлик субъектлерине жәрдем бериў илажлары даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.