Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған ҳаял-қызлар интернат үйинде болып, пүткил мәмлекетимиз бойлап әмелге асырылып атырған «Әҳмийетли 40 күнлик» илажлары шеңберинде терек нәллерин отырғызды.

Соңғы жыллары елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында бир қатар қайырқомлық илажлары әмелге асырылмақта. Президентимиздиң басламасы менен «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» үйлери, урыс ҳәм мийнет ветеранларының республикалық пансионаты Мәмлекетлик бажыхана комитетине бириктирилген еди.

Өткен қысқа ўақыт ишинде бажыхана уйымлары тәрепинен медициналық-социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олардың инфраструктурасын жақсылаў, оларда қәўендерликке алынған кекселер менен майыплығы болған шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде айтарлықтай жумыслар баслап жиберилди.

«Мүриўбет» үйиниң әтирапына бажыхана хызметкерлери тәрепинен меҳир менен егилген түрли сорттағы арша тереклери аймақтың атмосферасының тазалығын тәмийинлеў менен бирге көркине көрик қосады.

Бундай қайырқомлық ислери ушын қәўендерликке алынған шахслар бажыханашыларға миннетдаршылық билдирди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.