«Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен Өзбекстан Көркем өнер академиясы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенинниң 30 жыллығы мүнәсибети менен «Конституциямыз реңлер жилўасында» атамасында таңлаў жәрияланған еди.

Партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен жасларға таңлаўды мақсети ҳәм ўазыйпалары туўралы кең түрде түсиник берилди. Бас Нызамымыз «Күшли мәмлекеттен-күшли пуқаралық жәмийетине өтиў»диң беккем ҳуқыққый тырнағы болып хызмет етпекте. Солай екен, жаслардың санасында ғәрезсизлик берген бүгинги тынышлық ҳәм бахытлы турмысты балалардың дөретиўшилигинде сәўлелендириў партияның баслы мақсетлеринен биринен есапланады.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында барлық қала ҳәм районлардан жас сүўретшилер белсене қатнасып, Конституциямыздың ҳәр бир статьясы олардың жумысларында өз көринисин тапты. Келип түскен дөретиўшилик жумыслар төрешилер қурамының ағзалары тәрепинен таңлап алынып, таңлаўдың келеси басқышына жиберилди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги