«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети басшылары ҳәм кәсиплик аўқамы тәрепинен хызметкерлерди социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Инвесторлардың басламасы менен ҳәр жылы гүзги-қысқы мәўсим алдынан хызметкерлер азық-аўқат өнимлери менен тәмийинленип келмекте. Быйылғы жылы да оларға картошка, пияз, гешир ҳәм «лазер» сортлы гүриш өнимлерин бийпул тарқатыў режелестирилген еди. Ҳәзирги ўақытта бул өнимлер кәрхананың қоймаханаларына алып келинип, бийпул тарқатылмақта.
Гүзги-қызқы мәўсимде ишки базарларда бул өнимлердиң баҳасы артып кететуғынлығын, Елабад посёлкалық пуқаралар жыйынының Қоңырат районы орайынан 40 километр узақта жайласқанлығын есапқа алсақ, инвесторлардың бул басламасы хызметкерлерге айрықша ғамқорлық болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги