2022-жыл 7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Владимир Норов мәмлекетимизге келген Жәҳән туристлик шөлкеми (UNWTO) Бас хаткери Зураб Пололикашвили менен ушырасыў өткерди.
З.Пололикашвили Өзбекстанда туризм инфраструктурасын жетилистириў, тарийхый естеликлерди сақлаў ҳәм реконструкциялаў, туристлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған системалы илажларға жоқары баҳа берди.
UNWTO ушын Өзбекстан жетекши шериклерден бири болып, Шөлкем республика менен байланысларды ҳәр тәреплеме жеделлестириўге таяр екенлигин мәлим етти. Бул структура Өзбекстанның туризм тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўдеги ролин жоқары баҳалаған ҳалда, мәмлекетимиз тәрепинен Уллы жипек жолын тиклеў, Орайлық Азияда регионлараралық туризмди хошаметлеў, регионаллық туристлик бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм трансшегаралық бағдарларды қәлиплестириў арқалы туристлик ағымларды көбейтиў бойынша алып барылып атырған сиясатын тән алмақта.
Билимлендириў тараўындағы байланысларға айрықша итибар қаратылды. Самарқанд қаласындағы «Жипек жолы» Халықаралық туризм университетин тараў бойынша қәнигелерди таярлаўға қәнигелескен регионаллық орайға айландырыў, UNWTO ға ағза мәмлекетлердиң туристлик жоқары оқыў орынлары ректорларының форумын өткериў, Шөлкем менен биргеликте илимий-изертлеў мәкемелериниң тармағын жаратыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги