2022-жыл 7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Владимир Норов Альжир Халық Демократиялық Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип тайынланған Бумедиан Геннадты қабыллады.
Елшиниң исеним жарлығы нусқаларын қабыл етип, министр оны лаўазымға тайынлағаны менен қутлықлап, дипломатиялық миссияны әмелге асырыўда табыслар тиледи. Б.Геннад Альжир тәрепи Жаңа Өзбекстан менен барлық бағдарларда байланысларды беккемлеўге таяр екенлигин атап өтти.
Мәмлекетимиздиң заманагөй раўажланыўы, алып барылып атырған системалы жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық өзгерислер және ерисилген жетискенликлерге жоқары баҳа берилди. Ушырасыў даўамында Өзбекстан-Альжир сиясий қарым-қатнасын жеделлестириў, соның ишинде, өз-ара сапарларды шөлкемлестириў, мәсләҳәтлесиўлер өткериў, парламентлераралық байланысларды раўажландырыў, халықаралық институтлар шеңбериндеги бирге ислесиўди муўапықластырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Саўда-экономикалық тараўдағы потенциалды жүзеге шығарыў бойынша биргеликте илажлар көриў ҳаққында келисимге ерисилди. Соның ишинде, Өзбекстанда автомобиль ҳәм нефть-газ санааты, АКТ, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда Альжир компанияларының қатнасы ҳаққында пикир алысылды.
Еки мәмлекет саўда-санаат палаталары ҳәм бизнес-субъектлери арасында тиккелей байланысларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, өз-ара саўда үйлерин ашыў мәселесин көрип шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Альжирден Өзбекстанға, атап айтқанда, дүньяға белгили Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларына туристлик ағымын арттырыў ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы