Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында
Бул ҳүжжетте жер астынан пайдаланыў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың дизими ҳәм олардың ўәкиллик шеңберлери анық белгиленип, жер асты участкаларының мәмлекетлик фондына жаңа «резерв фонды» түсиниги киргизилип, оның мазмуны сәўлелендирилмекте.
Сондай-ақ, дәслепки геологиялық мағлыўмат түсиниги киргизилип ол ким тәрепинен қандай тәртипте жүргизилиўи ҳәм оның түрлери белгилеп қойылмақта. Жер асты ҳаққындағы мағлыўматлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.
Жер асты участкаларынан пайдаланыў түрлери, оннан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия берилгенинен баслап, жуўмақланған есаплар жазылғанға шекемги процесс өз алдына статьяларда анық белгиленип қойылмақта. Кән ажыратыў тәртиби оптимизацияластырылған ҳалда, ўәкилликли уйымлардың техникалық ҳүжжети көринисине келтирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги