Мәжилисте дәслеп депутатлар Өзбекстанның «Измир Шәртнамасын (1996-жыл 14-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты.
Өзбекстанның Измир Шәртнамасын ратификациялаўы Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине толық ағза болыў ушын ҳуқықый тийкар жаратады ҳәм төмендеги имканиятларды береди:
Бириншиден, шөлкемге ағза мәмлекетлер аймағында қубла транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша басламаларды алға қойыў ҳәм регионда транспорт тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў ушын платформа ўазыйпасын атқарыўы;
Екиншиден, шөлкем шеңберинде саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм инвестициялар тартыў, Өзбекстан исбилермен топарларының регионда саўда-экономикалық байланысларын кеңейтиў, жаңа базарларға шығыў;
Үшиншиден, шөлкем шеңберинде электр энергиясы тараўында перспективалы бирге ислесиў ҳәм жаңа энергия магистралларын қурыў бойынша жойбарларға белсене қатнасыў имканияты, сондай-ақ, Өзбекстанды регионаллық электр энергиясын жеткерип бериўде тийкарғы буўынға айландырыў;
Төртиншиден, Өзбекстанның үлкен туристлик потенциалын есапқа ала отырып, зыярат туризми санаатының раўажланыўына хызмет етеди.
Депутатлар тәрепинен бул шәрнаманың ратификацияланыўы Өзбекстанның саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық, транзит, логистика, туризм, мәдений-гуманитарлық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиўин тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги