Көпшилик муғаллимлер тәрепинен улыўма билимлендириў пәнлеринен миллий сертификат имтиханлары абитуриентлер ушын өз алдына, муғаллимлер ушын өз алдына өткериле ме деген мазмунда сораўлар берилмекте.

Миллий сертификат имтиханлары ҳәмме ушын бирден-бир форматта өткериледи ҳәм онда муғаллимлер, оқыўшылар, абитуриентлер, улыўма өз билимин сынап көриў тилегин билдирген барлық талабанлар қатнасыўы мүмкин.

Миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге үстеме төлениўи болса олар қайсы системада жумыс алып барыўы менен байланыслы болып, муғаллимлер усы жағдайға өзи ислейтуғын шөлкемнен анықлық киргизиўи керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги