Қытай ҳәм Германия ҳәзирги халықаралық жағдай турақсыз болып турған бир шараятта дүньяда тынышлықты беккемлеў ҳәм раўажланыўға ерисиў ушын биргеликте ҳәрекет етиў керек, деди ҚХР жетекшиси Си Цзиньпин Германия канцлери Олаф Шольц пенен болып өткен ушырасыўда.

Жума күни Германия канцлери Олаф Шольц рәмий сапар менен Қытайға келди.

«Бүгинги күнде халықаралық жағдай қыйын ҳәм өзгериўшең. Халықаралық майданда үлкен тәсирге ийе болған қүдиретли мәмлекет сыпатында Қытай ҳәм Германия турақсыз жағдай ҳәм тәртипсизликлер шараятында дүньяда тынышлықты беккемлеў ҳәм раўажланыў ушын бирге ислесиўи керек», – деди Си Цзиньпин.

Оның атап өтиўинше, Шольцтың Пекинге сапар етиўи еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 50 жыллығы белгиленип атырған бир ўақытта әмелге асырылды. 50 жыллық тарийх соны көрсетпекте, байланысларымызды өз-ара ҳүрмет принциплерине әмел етилген ҳалда  алып барыў, еки тәреплеме қатнасықлар келешекте де турақлы пәтте даўам етиўи айрықша әҳмийетке ийе, деди Қытай басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги