« Infolib – 2022» XI миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында «Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанлары – миллий қәдириятлар дәреги» китабының презентациясы болып өтти.
Илажға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институтының бөлим баслығы, филология илимлериниң докторы, «Шуҳрат» медали ийеси, шайыр, жазыўшы Ж.Хошниязов, жоқары оқыў орынларының устаз-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда қатнасыўшылар қарақалпақ дәстанлары халқымыздың әўладтан-әўладқа өтип киятырған уллы мийрасы екенлигин, миллий қаҳарманлар өз халқының бахты ҳәм аўызбиршилиги ушын гүрескенлигин, соның менен бирге, өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы әҳмийетин атап өтти.
– Дәстанлар барлық түркий халықларда бар. Мысалы, «Алпамыс» дәстаны өзбек, қазақ, қарақалпақ халықларының барлығында ушырасады, -дейди Мәлимлеме-китапхана фондларын топлаў хызмети баслығы С.Аметова. -Бирақ ҳәр бир версиясы өзине тән өзгерислерге ийе. Илимпазлардың мағлыўматына қарағанда, усы дәстанның бир жери ҳеш бир халықта өзгермеген екен. Алпамыстың елине жаў шапқанда ол кетип баратырып Гүлпаршынға улымның атын Ўатан деп қой, деген қатарлары өзгериссиз қалыпты. Жасларымызды Ўатанға садық инсанлар етип тәрбиялаўда усындай шығармаларымыздың орны әҳмийетли.
Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.