Президент Шавкат Мирзиёев денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында кадрлар таярлаў, илимий изертлеўлерди раўажландырыў бойынша усыныслар менен танысты.

Елимизде спортқа жаратылып атырған шараятлар себепли халықтың арасында бул ҳәрекет ғалаба ен жаймақта. Жаслар денетәрбиясы менен турақлы шуғылланып, көпшилиги буны кәсип сыпатында таңламақта. Профессионал спортшыларымыз халықаралық жарысларда үлкен жетискенликлерге ериспекте.

Мәмлекетимиз басшысы бәрқулла саламат турмыс тәризи, жаслар бәнтлиги, олимпия ҳәм паралимпия ҳәрекети мәселелерине айрықша итибар қаратып келеди. Усы жылдың 23-май күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде де спорт билимлендириўин раўажландырыў, тараўға илимий көзқарасларды енгизиў ўазыйпасын қойған еди.

Таныстырыўда бул бағдарда таярланған реже-усыныслар көрип шығылды. Олар үш әҳмийетли бағдарды қамтып алған: бириншиси – Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети және оның Нөкис ҳәм Ферғана филиалларында билимлендириўдиң сапасын арттырыў, екиншиси – спорт билимлендириўи мәкемелеринде басқарыўды жетилистириў, үшиншиси – тараўда илимий изертлеўлер системасын жақсылаў.

Атап өтилиўинше, 2023-2024-оқыў жылынан баслап билимлендириў бағдарламалары жетекши сырт ел университетлериниң бағдарламасына бола қәлиплестириледи. Барлық бакалавриат ҳәм магистратура бағдарларына байланыслы қәнигелик талаплары қайта көрип шығылады, оқытыўшылар ҳәм питкериўшилердиң билими, тәжирийбеси ҳәм педагогикалық көнликпелерин баҳалайтуғын компентециялық сетртификатлаў жолға қойылды.

Бүгинги күнде әҳмийетли болмаған  5 бакалавриат бағдары сапластырылып, 2 магистратура қәнигелиги шөлкемлестириледи. Оқыў ҳәм сабақлар процесине федерациялардың тәжирийбели қәнигелери және сырт ел экспертлери тартылады.

Спорт тараўында ҳүрметли атақ ҳәм категория дәрежесине ийе, абырайлы халықаралық жарыслардың жеңимпазы болған абитуриентлер кәсиплик имтиханларды тапсырыўдан азат етиледи. Студентлерди хошаметлеў ушын Паҳлаван Маҳмуд атындағы мәмлекетлик стипендия енгизиледи. Қәбилетли питкериўшилерге спорт бойынша төреши және екинши категориялы тренер статусы бериледи.

Билимлендириў ҳәм илимниң байланыслылығын беккемлеў ушын бирден-бир бақлаў кеңесин дүзиў режелестирилген. Бул кеңес спорт қәнигелериниң басқарыў, оқыў-методикалық, илимий-изертлеў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге басшылық етеди.

Сондай-ақ, Денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң илимий потенциалын 45 процентке шекем көтериў, профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, жаңа қолланбаларды ҳәм технологияларды енгизип, халықаралық рейтинглерге кириў мақсетлери белгиленбекте.

Денетәрбиясы ҳәм спорт илимий изертлеўлери институтына спорт биомеханикасы, физиологиясы, фармакологиясы ҳәм генетикасы бойынша изертлеўлер алып барыў, илимий-инновациялық жумыс нәтийжелерин трансферлеў ҳәм коммерцияластырыў, стартап жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы жаңа ўазыйпалар жүкленбекте.

Илимий изленислерди қоллап-қуўатлаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, жас кадрларды  сырт ел оқыў орынларына философия докторы (PhD) дәрежесин қорғаў ушын жибериў де нәзерде тутылған.

Бизге белгили, пайтахтымыздың Яшнабад районында Олимпиада қалашасы қурылмақта. Азия ойынлары өткеннен соң, бул комплекске Спортты раўажландырыў министрлиги, спорт федерациясы ҳәм 2025-жылы жумыс баслайтуғын Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясы жайластырылыўы мөлшерленген.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, қосымша көрсетпелер берди.

ӨзА