Кеше Cочи қаласында Россия Президенти Владимир Путинниң басламасы менен Илҳам Алиев ҳәм Никол Пашинянның ушырасыўы болып өтти. Үш тәреплеме сөйлесиўдиң жуўмағында қабыл етилген билдириўге бола, Қубла Кавказда күш көрсетиўден тыйылыўға келисилген.

Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев Владимир Путин менен еки тәреплеме сөйлесиўде Ереван менен қатнасықлар бес принцип тийкарында жолға қойылыўы мақсетке муўапық екенин атап өткен.

Өз гезегинде, Армения бас министри Москва тәрепинен усыныс етилген көзқараслар, Ереван ҳәм Баку қатнасықларын орнатыўдың тийкарғы принциплери мақул екенин атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги