Самарқандта Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) қатнасыўшы мәмлекетлери Парламентлераралық ассамблеясының сессиясы даўам етпекте.

«Уллы жипек жолы» халықаралық туризм комплексиндеги Конгресс орайында болып атырған сессия шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының басшысы Танзила Норбоева бир қатар мәмлекетлер парламентлериниң басшылары менен ушырасыўлар өткермекте.

Сенат баслығы Танзила Норбоеваның Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенеши төреғасы (баслығы) Нурланбек Шакиев пенен ушырасыўында еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Т.Норбоева парламентлераралық бирге ислесиў, нызам дөретиўшилигиниң ҳәр қыйлы мәселелери бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў зәрүр екенлигин айрықша атап өтти.

Соның ишинде, парламент ағзаларының жәрдеминде, биринши гезекте, еки тәреплеме келисимлердиң  ҳуқықый тийкарларын тәмийинлеп, оларды жоқары дәрежеде әмелге асырыў шеңберинде жаңадан сезилерли нәтийжелерге ерисиў зәрүр. Бул бағдарда Олий Мажлис ҳәм Жогорку Кенеш арасындағы бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссия әҳмийетли роль атқарыўы керек.

Өз гезегинде, Н.Шакиев Өзбекстан Республикасы менен дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыў Қырғызстан Республикасы сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти. Орнатылған жақын, исенимли байланыслар, тиккелей ҳәм турақлы сөйлесиўлер себепли барлық дәрежелерде кейинги жыллары еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўда сезилерли унамлы динамика бақланып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда тәреплер шегаралас аймақлар депутатлары арасындағы тиккелей байланысларды жеделлестириў, еки тәреплеме саўда көлемин және де арттырыў, сондай-ақ, мәденият, билимлендириў, илим ҳәм көркем өнер тараўларында еки тәреплеме байланысларды беккемлеў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында Парламентлераралық комиссияның үшинши мәжилисин 2023-жылдың басында Өзбекстанда өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Н.Абдураимова, ӨзА