Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери, физика-математика илимлери кандидаты, доцент Кеңесбай Дәўлетияровтың туўылғанына 70 жыл толыўы мүнәсибети менен “Қалдырған изиң мәңгилик, Устаз!” атамасында еслеў кешеси өткерилди.
Илажды «Анық ҳәм тәбийий пәнлер методикасы» кафедрасының баслығы доцент, Қ.Турманов ашып берди ҳәм К.Дәўлетияровтың мийнет жолын, оның қалдырған ибратлы ислерин ҳаққында еске алды.
Буннан соң педагогика илимлериниң кандидаты, доцент И.Пирниязов, Үзликсиз кәсиплик билимлендириўди шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы Б.Худайбергенов ҳәм аға оқытыўшы Т.Балтабаевлар илимпаз-педагогтың өмири ҳәм илимий-педагогикалық хызметлери ҳаққында баянат жасады.
К.Дәўлетияров 2001-жылы К.Убайдуллаев атындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институтында кафедра баслығы, Оқыў ислери бойынша проректор, өмириниң ақырғы күнлерине шекем Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайының «Анық ҳәм тәбийғый пәнлер методикасы» кафедрасының баслығы лаўазымында жумыс иследи.
Еслеў кешесинде К.Дәўлетияровтың шәкиртлери, туўған-туўысқанлары да шығып сөйлеп, оның жақсы пазыйлетлерин еске алды.
Атап өтилгениндей, К.Дәўлетияров жасларға устазлық етиў менен бирге, илимий-изертлеў жумыслары менен де турақлы түрде шуғылланды. Қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнет сүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта алды ҳәм устазлар арасында үлкен ҳүрмет-иззетке ийе болды. Кеңесбай Дәўлетияров тыңлаўшылардың мәмлекетлик билимлендириў талаплары дәрежесинде билим ҳәм көнликпелерди толық өзлестириўи ушын жетерли шараятты жаратып бериўде өз үлесин қосты. Өзиниң шөлкемлестириўшилик уқыбы, мийнет сүйгишлиги, талапшаңлығы менен көзге түсип, кәсиплеслери арасында үлкен абырайға еристи. Оның ислеген мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» атағы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы көкирек белгилери менен сыйлықланды. Бүгин Кеңесбай Дәўлетияров арамызда болғанда 70 жасты қарсы алған болар еди.
Еслеў кешесинде устаздың тәжирийбелери, мийнет жолы жасларға үлги болатуғынлығы атап өтилип, мийнетлерин мәңгилестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агетлиги