Нөкис қаласында 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жылы 16-июль сәнесиндеги «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, «Бул дүньяның көрки-адам баласы» атамасындағы эсселер таңлаўының Қарақалпақстан Республика басқышы болып өтти.
Оған усы таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары қатнасып, олардың жазған дөретпелери тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.
Таңлаў жуўмағында, биринши орынды Тахтакөпир районындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Аякөз Аралбаева биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, сыйлы екинши орынға Шымбай районындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Дилнозахан Сийпатдинова, үшинши орынға Нөкис районындағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Гүлсәнем Хожалепесовалар ылайық деп табылды.
Таңлаў соңында, жеңимпаз оқыўшылар Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы