Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларда арналған Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманының 2-қосымшасы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға арналған Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламасы»ның 275-бәнти ҳәм Министрлер Кабинетиниң усы жылдың 22-сентябрьдеги протоколына тийкарланып 24-28-октябрь күнлери Ташкент қаласында «Художник ҳәм жәмийет. Келешек көркем өнери концепциясы» атамасында IX Ташкент халықаралық заманагөй көркем өнер биенналисин өткериў белгиленген.
27-октябрь күни Нөкис қаласындағы Өзбекстан Көркем өнер академиясының Қарақалпақстан бөлими Көргизбе сарайында қарақалпақстанлы талантлы жас ходожниклер Бахтыяр Серекеев, Тимур Шардеметов, Саламат Бабаджанов ҳәм Наўрыз Айтмуратовлардың дөретпелери тийкарында шөлкемлестирилген «Локомация» атамасындағы көргизбесиниң ашылыў кешеси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Г.Изентаева, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Өзбекстан Республикасы Көркем өнер ақадемиясының ҳақыйқый ағзасы, академик С.Байбосынов, Қарақалпақстан халық художниги Б.Айтмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жас художниклердиң жаңа дөретпелерине өзлериниң жоқары баҳаларын берди ҳәм олардың алдағы дөретиўшилик ислерине табыслар тиледи.
Көргизбеге жас художниклердиң 60 тан аслам живописьлик дөретпелери қойылғанлығын атап өти7имиз керек. Живописьтиң тийкарғы бағдарламаларында тәрбияланған бул авторлар өзлериниң айрықша дөретиўшилик усылларын ислеп шыққан ҳәм онда көбирек Европа дөретиўшилик мектеплерине сай болған жағдайлар көзге тасланады.
Бундай жедел алға илгерилеўлерди олар өз алдына ҳәрекет ретинде баҳалағаны ушын бул көргизбеге «Локомация» деген атама берилген. «Локомация»-илимий термин «локус-орын, мотио-ҳәрекет», яғный, бир орыннан алға ҳәрекетлениў, бослықта жедел ҳәрекетлениў дегенди аңлатады.
Раўажланыў ҳәм эволюциялық өзгеше ҳәрекетлениў өзиниң идеялық ҳәм философиялық көринисиндеги процесинде болған түсиниклери бул художниклерге көргизбени усылай атаўына тийкар болған.
-Франциядағы Лувр, Санкт-Петербургтағы Эрмитаж, АШтағы Метрополитен музейлеринде болып, пүткил дүньяға белгили художниклердиң дөретпелери менен танысқанман,-дейди көргизбе қатнасыўшысы Ташкент шыпакерлердиң билимин арттырыў институтының доценти Жавлон Каримбердиев.- Нөкиске буннан 5-6 жыл бурын келген едим. Қалаңыз әдеўир өзгерип кетипти. Бул сапары мен И.Савицкий музейинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болдым. Интернет тармақлары арқалы бул художниклердиң көргизбеси болатуғынлығын еситип келдим. Көргизбеге қойылған ҳәр бир дөретпе инсанда ҳәр қыйлы сезимлерди пайда етип, жаңа пикирлерди оятады. Олардың алдағы ислерине табыслар тилеймен.
-Дөретпелеримиз адамларда қандайда бир сезим яки пикир оятса өзимди бахытлы деп есаплайман,-дейди көргизбе авторларының бири Бахтыяр Серекеев.-Көркем өнердиң тийкарғы ўазыйпасы сол. Сонлықтан дөретпелерим туўралы ким не айтса да қапа болмайман.
Көркем өнерге қызығыўшы жанкүйерлерге бул көргизбе пайтахтымызда еле 9 күн даўамында қойылатуғынлығын еслетип өтемиз.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.