Самарқанд қаласында Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы (ҒМДА) Парламентлераралық Ассамблеясының гүзги сессиясының илажлары басланды.

«Уллы жипек жолы» халықаралық туризм комплексиндеги Конгресс орайында өткерилип атырған сессия шеңберинде ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы мәденият, мәлимлеме, туризм ҳәм спорт бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Турақлы комиссия мәжилисин оның баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Эркин Зоҳидов алып барды.

Дослық Аўқамы еллери парламентлериниң ўәкиллерине ҒМДА мәмлекетлери ушын үлги Интеллектуаллық мүлк кодексиниң жаңа баспасының жойбары усынылды.

Парламентарийлер, сондай-ақ, мәденият, туризм ҳәм спорт тараўларында санлы раўажланыў бағдарында нызам дөретиўшилиги бағдарын да додалады.

Сондай-ақ, мәжилис күн тәртибинен «Телевидение ҳәм радиоеситтириў ҳаққында», «Санлы медиа-ресурслар орталығында электрон байланыслар ҳаққында»ғы үлги нызамларды ислеп шығыў мәселелери орын алды.

ӨзА