Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Наўайы ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпалары бойынша мәжилис болып өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы ең дәслеп 27-октябрьде болып өткен парламент сайлаўы бағдарындағы пикирлерин айтты.

Атап өтилгениндей, бул сайлаў Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған пүткиллей реформалар нәтийжесин өзинде сәўлелендирди, демократиялық раўажланыўымыздың айқын белгиси сыпатында турмысымызда өшпес из қалдырды.

Президентимиз көп миллетли халқымызға сайлаўларда жоқары сиясий мәденият ҳәм белсендилик көрсетип, пуқаралық миннетин жуўапкершилик пенен атқарғаны ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ,  халық ўәкили деген жоқары статусқа ийе болған барлық ўатанласларымызды шын кеўилден қутлықлады.

Сайлаўлар нәтийжесинде елимизде ҳуқықлары менен ўәкилликлери сезилерли дәрежеде күшейген жаңа ўәкилликли уйымлар системасының да қәлиплескени атап өтилди.

ӨзА