Самарқандта өткерилип атырған – мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәптелиги шеңберинде Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң мәлимлеме-коммуникация технологияларына жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының кеңеси болып өтти.
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Бағдод Амреев МКТ министрлериниң бул ретки төртинши ушырасыўы Самарқандта усы жылдың ноябрь айында өткерилиўи күтилип атырған шөлкем мәмлекет басшыларының саммити күн тәртибине муўапықлығын ҳәм бирге ислесиўдиң келеси перспективаларын белгилеп алыўға хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
– Бүгин халықаралық көлемде Түркий мәмлекетлер шөлкеми өзиниң мүнәсип орнын таўып, оған ағза мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланыслар беккемленип атырған бир ўақытта мәмлекетлеримиздиң мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында бирге ислесиўин раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе, – деди Б.Амреев. – Себеби бүгин пүткил дүньяда, соның ишинде, түркий мәмлекетлерде де инновациялық ҳәм санлы экосистемалар кеңнен енгизилмекте. Саўда-экономикалық байланыслар, экспорт ҳәм импортта санлы технологиялардан кеңнен пайдаланылмақта. Бул тек ғана жеке меншик сектор ушын емес, мәмлекетлер ушын да пайдалы тармаққа айланбақта. Сол себепли шөлкем ағзалары арасында 85-тараўында интеграцияны тереңлестириў, биргеликте жаратылған системалардан кеңнен пайдаланыў керек. Бул бағдарда ҳәзирги ўақытта Әзербайжан ҳәм Түркия арасында санлы технологиялар бойынша жолға қойылған система өзин толық ақлады ҳәм енди оған басқалар да қосылыўы бәршемиз ушын пайдалы болады. Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған «ақыллы қалалар» бойынша басламаны да биргеликте әмелге асырыўымыз ушын барлық тийкарлар бар. Бүгингидей ушырасыўларда мине усы мәселелер бойынша пикирлесип алсақ, мақсетке муўапық болады.
Мәжилисте Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Әзербайжан республикаларының ўәкиллери күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өз пикирлерин, бир қатар баслама ҳәм идеяларын билдирди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Шерзод Шерматов шөлкемге ағза мәмлекетлерди санлы технологиялар бойынша Европа менен байланыстырыўда Түркия әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Қазақстан Республикасы санлы раўажланыў, инновациялық ҳәм аэрокосмослық санаат министри Бағдод Мусин заманагөй инновациялық системалардың «Кәсиплик тармағы»н жаратыў жойбары ҳаққында сөз етти.
Додаланған мәселелер бойынша министрлер тәрепинен меморандумға қол қойылды.
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы