Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-апрельдеги «Бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында, бажыхана хызметкерлериниң билим дәрежесин арттырыў мақсетинде IT – Park ҳәм аймақлардағы IT –орайларында санлы технологиялар бағдарында 500 хызметкерди онлайн формада жергиликли ҳәм халықаралық IT – сертификатына оқытыў белгиленген болып, соның 40 хызметкери қарақалпақстанлы бажыханашылар есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы баждыхана басқармасы, «Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки дирекциясы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жуўаплы хызметкерлери қатнасқан илажда оқыў курсларын табыслы тамамлаған хызсметкерлерге сертификатлар тапсырылды.
Бүгинги күни бажыхана уйымларында кеңнен енгизилген мәлимлеме технологиялары ҳәм мәлимлеме системалары, интерактив хызметлер нәтийжесинде мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысын қураўшы экспорт ҳәм импорт әмелиятлары нәтийжели ҳәм тез пурсатларда орынланбақта. Бажыхана шегаралары арқалы пуқаралар ҳәм товарлар ҳәрекетинде болса тосықлар сапластырылмақта. Бажыхана тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳәм санластырыў бағдарында алып барылған жумыслардың нәтийжесинде шегара бажыхана постларының өткизиўшеңлик имканиятлары бир нешше есеге артты ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи ўақтының 10-15 минутқа шекем қысқарыўына ерисилди.
Бүгинги күни Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын буннан былай да раўажландырыў нәтийжесинде автоматластырылған мәлимлеме системаларының саны 64, интерактив хызметлердиң саны 33 болып, халқымыз ушын аралықтан онлайн хызмет көрсетиў жумыслары жедел раўажланған. Әсиресе, соңғы жыллары ислеп шығарылған мәлимлеме системалары бажыхана рәсмийлестириўи ўақтын кескин қысқартыўға, «қағазсыз ҳәм электрон бажыхана» бажыхана системасының жаратылыўына тийкар жаратты. Атап айтқанда, «Қәўиплерди басқарыў», «Электрон бажыхана рәсмийлестириўи» мәлимлеме системаларының жаратылыўы ҳәм жетилистирилиўи нәтийжесинде рәсмийлестириў ўақты экспортта 1,7 есеге, импортта 1,4 есеге қысқарды.
Мағлыўмат ушын, система арқалы экспортқа 84 процент, импортқа 74,4 процент жүк әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестирилди. Бажыхана уйымларында жаратылған мәлимлеме системалары арқалы исбилерменлерде ҳадаллық ҳәм нызамға бойсыныўға умтылыў хошаметленбекте. Бажыхана постларын заманагөй техникалық қадағалаў қураллары менен тәмийинлеў ҳәм «санлы» бажыхана постларын шөлкемлестириў алда турған әҳмийетли ўазыйпалардың биринен есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы қарамағындағы «Даўыт ата» шегара бажыхана посты жүк автотранспорт қуралларын сканерлеўши стационар инспекциялық тексериў комплекти (ИКМ) менен, «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты болса темир жол жүк вагонларын сканерлеўши стационарлық ИКМ менен тәмийинленген болып, олардың жәрдеминде бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған автотранспорт ҳәм темир жол вагонларының бажыхана тексериўи тез пәтлерде нәтийжели әмелге асырылмақта.
Бүгинги күни қол жүги ҳәм багажлардың бажыхана тексериўи шегара ҳәм сыртқы саўда экономикалық жумыс бажыхана постларында орнатылған 15 сканер-рентген қурылмасы арқалы әмелге асырылады.
Сондай-ақ, автотәрези, автотранспорт қуралларының мәмлекетлик белгилерин анықлаў системасы, инсанның денесин сканерлеўши «Body scanner» қурылмалары ҳәм басқа да тексериў техникалық қураллары бажыхана қадағалаўының ашық-айдын, оператив ҳәм сапалы болыўына тийкар жаратпақта. Бул бағдарда бажыхана хызметкерлериниң қәнигелигин, мәлимлеме технологиялары ҳәм системаларында ислеў көнликпелерин турақлы жетилистирип барыў айрықша әҳмийетке ийе.
Өз үстинде ислеп, алған теориялық билимлерин әмелиятта кеңнен енгизип атырған бажыханашылар ҳақыйқый жаратыўшылар болып табылады. Мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлиги, контрабанда өнимлериниң нызамсыз айланыста болыўының алдын алыўда да олар үлкен таяныш ўазыйпасын атқарып келмекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.