Ҳүрметли ишки ислер системасының хызметкерлери!
Қәдирли офицер ҳәм генераллар, сержант ҳәм қатардағылар!
Ҳүрметли ветеранлар!
Бәринен бурын, сизлерди 25-октябрь – Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қутлықлайман.
Әлбетте, халқымыз сизлерди өз өмирин елдиң тынышлығы ҳәм парахатшылығын тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў сыяқлы уллы иске бағышлаған, муқаддес антқа садық инсанлар деп биледи ҳәм машақатлы хызметиңизди мүнәсип баҳалайды.
Жаңа Өзбекстанда «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли принцип тийкарында алып барылып атырған реформаларымызды турмысқа табыслы енгизиўде ишки ислер системасы хызметкерлери мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң беккем сүйениши болып хызмет етпекте.
Бүгинги күнде дүньяда ҳүким сүрип атырған қыйын ҳәм қәўипли шараятта мәмлекетимиз қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин тәмийинлеў, жәмийетимизде тынышлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў қаншелли әҳмийетли ўазыйпа екенин бәршемиз жақсы аңлаймыз. Сол себепли, кейинги жылларда ишки ислер системасын реформалаўға тийкарғы итибар қаратылмақта.
Бул бағдарда барлық аймақларымызда қәўипсиз шараят жаратыў, тынышлық ҳәм парахатшылыққа қарсы қәўиплерди толық сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған Өзбекстан Республикасының жәмийетлик қәўипсизлик концепциясы ҳәм 2022-2025-жылларда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын раўажландырыў стратегиясы избе-из әмелге асырылмақта.
Усы ҳүжжетлерге тийкарланып, дәслепки рет ҳәр бир район ҳәм қалада пуқаралардың қәўипсизлигин исенимли тәмийинлеў бойынша 10 мәмлекетлик уйымның биргеликте ислеў механизмлери ҳәм ўазыйпалары белгилеп берилди. Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге қаратылған заманагөй жумыс усыллары әмелиятқа енгизилмекте.
Жынаятшылықтың алдын алыў, оның себеплерин сапластырыў мақсетинде ҳуқықбузарлықларды «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «тараў кесиминде» додалаў системасы енгизилди. Жынаятлар салыстырмалы түрде көп жүз берген мәҳәллелерде шөлкемлестирилген ҳуқық-үгит-нәсиятлаў орынларында ҳуқық қорғаў уйымларының биргеликтеги жумысы жолға қойылды.
Жас өспиримлер арасында ҳуқықый мәдениятты кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм түрли унамсыз иллетлердиң алдын алыў мақсетинде мектеплерде 2 мыңнан аслам инспектор-психолог лаўазымлары енгизилди ҳәм бул өзиниң дәслепки унамлы нәтийжелерин бермекте.
Профилактика инспекторының мәҳәлледе ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси менен бирге ислесиўиниң жолға қойылғаны көплеген ҳуқықбузарлықларды сапластырыў ҳәм ҳаял-қызларды зорлық ҳәм күш көрсетиўлерден қорғаў ушын шараят жаратпақта.
Ишки ислер уйымларының күнделикли жумысын инновациялық көзқараслар, санлы технологиялар ҳәм илим жетискенликлерине сүйенген ҳалда шөлкемлестириў, пуқаралардың турмысы, қәдир-қымбаты ҳәм мүлкин кибермәканда исенимли қорғаў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында методикалар ислеп шығылып атырғанын айрықша атап өтиў керек.
Өткен жылдан баслап жынаят ҳәм ҳуқықбузарлық жағдайлары бойынша барлық арза ҳәм хабарларды автоматластырылған тәризде дизимге алатуғын «102» системасы енгизилди. Ўәлаят орайлары ҳәм ири районларда 75 ситуациялық орайлардың шөлкемлестирилгени көше ҳәм жәмийетлик орынларда жағдайды аралықтан турып бақлаў ҳәм халықтың тынышлығын тәмийинлеўге қаратылған күш ҳәм қуралларды нәтийжели басқарыў имканиятын жаратты.
Турмысыздың барлық тараўлары қатарында ишки ислер уйымларының жумысын либералластырыў, тараўда ашық-айдынлық ҳәм жәриялылық орталығын күшейтиў, инсаныйлық ҳәм халықшыл системаға айландырыў мақсетинде әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги ўақытта, тараўға санлы технологияларды кеңнен енгизиў арқалы пуқараның шахсын анықлаў ушын оны ишки ислер уйымларына алып келиў әмелиятынан ўаз кешип, электрон қурылма жәрдеминде анықлаў системасын енгизиў үстинде жумыслар алып барылмақта.
Өткен жылы қабыл етилген «Ишки ислер уйымларында руўхый-ағартыўшылық жумысларды шөлкемлестириў концепциясы»ның турмысқа избе-из енгизилиўи нәтийжесинде тараў хызметкерлеринде ўатансүйиўшилик руўхын күшейтиў, олардың руўхый дүньяға көзқарасын байытыў, қарым-қатнас мәдениятын арттырыў бойынша әмелге асырылған системалы илажлар халық пенен ислесиў әмелиятына унамлы тәсир көрсетти.
Системада ерисилген жетискенликлердиң жарқын үлгиси сыпатында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў бағдары бойынша «Ең үлгили министрлик ҳәм уйым» таңлаўында Ишки ислер министрлигиниң топары 2021-жылы екинши орынды, усы жылы болса мақтанышлы биринши орынды қолға киргизгенин айрықша атап өтиў керек.
Ҳүрметли тараў ўәкиллери!
Ишки ислер уйымларының жумысын жетилистириў, оның структураларын оптималластырыў, халықтың тынышлығын тәмийинлеў, тараўда коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумысларымыз буннан былай да избе-из даўам еттириледи.
Бүгинги күнде бар имканият ҳәм потенциалымыздан, кейинги жылларда арттырған тәжирийбемизден, алдынғы сырт ел жетискенликлеринен пайдаланған ҳалда, тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа көтериў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып табылады.
Бул бағдарда мәмлекетимизде «Нызам – үстин, жынаят жазасыз қалмайды» деген қағыйданы турмысқа енгизиўде бәринен бурын халыққа ең жақын кәсип ийелери сыпатында ишки ислер хызметкерлериниң өзлери бәршеге өрнек ҳәм үлги болыўы зәрүр, деп ойлайман.
Системаға заманагөй технологиялар ҳәм жумыс усылларын енгизиў, профессионал жетик кадрларды таярлаў, тараў хызметкерлерин социаллық ҳәм ҳуқықый қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў сыяқлы мәсәләлерге айрықша әҳмийет қаратыўымыз керек.
Ишки ислер системасындағы реформаларымыздың әмелий нәтийжесин тараўдың ҳәр бир хызметкери, биринши гезекте, халқымыз өзиниң күнделикли турмысында сезиўи ушын барлық күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.
Пурсаттан пайдаланып, пидәкерлик мийнетиңиз, Ўатанымыз ҳәм халқымызға садықлығыңыз ушын барлық ўатанласларымыз атынан терең миннетдаршылық билдиремен.
Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға қут-берекет, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти