Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы «Марифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы, шайыр Раўаж Отарбаев пенен «Жаслар тәрбиясында әдебияттың орны» атамасында әдебий ушырасыў кешеси болып өтти.
Оған дөретиўшиликке қызығыўшылығы бар мектеп оқыўшылары ҳәм педагоглар қатнасты.
Ушырасыўды мектеп директоры Ж.Алиева кирис сөз бенен ашып, соңғы жыллары елимизде Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында мектеп билимлендириўин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, дөретиўши оқыўшыларға жаратылған кең имканиятлар ҳәм қолайлықлар туўралы айтып өтип, бүгинги ушырасыў айқын дәлийли екенлигине тоқтап өтти.
Кешеде шайыр Раўаж Отарбаев әдебияттың инсан өмиринде тутқан орны, қыссаханлық өнери, оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи бойынша өз пикирлерин билдирип өтти. Сондай-ақ, шайыр өзиниң дөретиўшилик жолы ҳәм баспасөзде жарық көрген китаплары ҳаққында да түсиниклер берди.
Мектептиң «Талант» дөгереги ағзалары шайырдың қосықларынан оқып берди.
Ушырасыў даўамында шайыр усы мектептиң дөретиўшиликке ықласы бәлент оқыўшыларының дөретпелери менен танысып, қунлы қосық жазыў бойынша өзиниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди.
Кешеде оқыўшылар шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы сораўлар берип, оларға жуўаплар алды.
Өткерилген әдебий кеше мектебимиз жәмәәти ҳәм оқыўшыларында умытылмас тәсир қалдырды.
Жаздай Балтабаева,
Шымбай районындағы 17-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.